Халықаралық пресс-клуб Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси менен биргеликте «Мойнақ» логотипи ушын таңлаў жәриялады.
«Хабарыңыз бар, Мойнақ қаласы жаңадан қурылмақта, қала экологиялық машқалалы дәўирлерди жеңип өтиў менен бирге заманагөй көриниске ийе болмақта. Соның менен бирге, қала тарийхындағы жаңа дәўирди толық сәўлелендиретуғын, жергиликли ҳәм сырт ел жәмийетшилигиниң итибарын тарта алатуғын халықаралық дәрежедеги бренд жаратылыўы мақсетинде жаңа жойбарға бел байладық», – деп жазылған ХПК рәсмий бетинде.
Жаңа, мүнәсип логотип ҳәм айдентика ушын таңлаў шәртлери төмендегише:
– Файл вектор форматында (CorelDraw, Adobe Illustrator ямаса басқа), плагиатсыз болыўы керек.
Жеңимпаз логотип ушын сыйлық – 10 миллион сум!
Графикалық дизайн жумыслары 2019-жыл 1-май күни саат 00:00 ге шекем xalqaropressklub@gmail.com электрон мәнзили арқалы қабыл етиледи.
Жеңимпаз деп табылған логотиптиң авторлық ҳуқықы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң ийелигине өтеди.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.