Жақында Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан либерал-демократиялық партиясы Қанлыкөл районлық кеңеси, район ҳәкимлиги ҳәм районлық ҳаял-қызлар комитети, тийисли шөлкемлер менен биргеликте «Жумысқа мәрҳамат» сүрени астында «Бос жумыс орынлары ярмаркасы» өткерилди.

Онда Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты З.Ханиязов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, елимизде алып барылып атырған реформалардың мақсети, ҳәр бир тараўды раўажландырыўға қаратылып атырған итибар, әсиресе, исбилерменликти раўажландырыў арқалы жаңа бос жумыс орынларын пайда етиў, халықты жумыс пенен тәмийинлеў әҳмийетли ўазыйпалар екенлигин атап өтти.

Мийнет ярмаркасында 42 кәрхана ҳәм шөлкем, исбилерменлик субъектлери  236 бос жумыс орынлары менен қатнасты.

– Ярмаркада бос жумыс орынлары менен таныстым. Өз қәнигелигим бойынша «Агробанк» районлық филиалына жаңадан ашылған вакант орынға агроном болып жумысқа қабыл етилдим. Буннан қуўанышлыман, – дейди «Мәденият» мәкан пуқаралар жыйыны турғыны Ш. Есбергенов.

Ярмарка даўамында 144  пуқара турақлы жумысқа орналасыў ушын жоллама алды.

Кәрхана ҳәм шөлкемлерден келип түскен шәртнамаларға муўапық, «Абат аўыл» бағдарламасына тийкарланып 35  пуқараға жәмийетлик жумысқа жолламалар берилди. Сондай-ақ, ярмарка даўамында 22 пуқараға кәсипке бағдарлаў бойынша усыныслар, 11 пуқараға болса, нызам тийкарында жумысқа орналасыў ҳәм кредит алыўдың тәртип-қағыйдалары  бойынша пикир – усыныслар берилди.

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы