Түсиник

2019-жыл 19-мартта Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Наўрыз улыўмахалықлық байрамы босағасында халқымызға тән жақсылық, кеңпейиллик, инсаныйлық, мийримәпәәтли ҳәм кеширимли болыў сыяқлы уллы пазыйлетлердиң жарқын көриниси сыпатында «Жаза мүддетин өтеп атырған, қылмысына шын кеўилден пушайман болған ҳәм дүзелиў жолына исенимли түрде өткен бир топар шахсларды әпиў ҳаққында»ғы Пәрманға қол қойды.

Пәрманға муўапық, Өзбекстан Республикасы Конституциясының 93-статьясы 23-бәнтине тийкарланып ислеген жынаяты ушын жазаны өтеў мәкемелеринде жаза өтеп атырған ҳәм қылмысына шын кеўилден пушайман болған ҳәм дүзелиў жолына исенимли түрде өткен 44 пуқара әпиў етилди.

Әпиў етилген шахслардан 7 адам жазадан толық азат етиледи, 11и жазаны өтеўден мүддетинен бурын шәртли түрде азат етиледи, 12 адамға белгиленген жаза жеңилирек жаза менен алмастырылады, бир сөз бенен айтқанда, 30 шахс жазаны өтеў мәкемелеринен өз шаңарақ ағзаларының қушағына қайтарылды. Сондай-ақ, 13 шахсқа тайынланған еркинен айырыў жазасының мүддетлери қысқартылды ҳәм 1 шахс қосымша жазадан азат етилди.

Пәрманның орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде әпиў етилген шахсларды шаңарағы ҳәм жақынларының қушағына қайтарыў, жәмийетлик турмысқа бейимлесип,  пайдалы мийнет пенен шуғылланыўы, саламат турмыс тәризин жолға қойып, жәмийетте мүнәсип орын таба алыўы ушын оларға жәрдем бериў бойынша жуўапкер министрликлер ҳәм уйымларға тийисли тапсырмалар берилди.

ӨзА