Өзбекстан – көп миллетли татыў шаңарақ. Ҳәзирги ўақытта елимизде 130 дан аслам түрли миллет ўәкиллери дослықта, татыўлықта, аўызбиршиликте жасамақта.

Елимизде жасап атырған ҳәр қыйлы миллет ўәкиллери Наўрыз байрамы қарсаңында өз миллийлиги, ата-бабаларынан мийрас болып киятырған үрп-әдет ҳәм дәстүрлери, миллий кийим-кеншеклери, соның менен бирге, миллий тағамларын көрсетип, байрам тамашаларын шөлкемлестирип келмекте.

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында туўысқан қазақ халқының миллий барымларының бири – Амал байрамы кең түрде белгиленди.

Байрамда институттың жаслар менен ислесиў мәселелери бойынша проректоры Қ.Қадиров, Хожа Аҳмед Яссаўий атындағы Халықаралық Қазақстан-Түркия университети профессоры Ералин Қуўандық, Қарақалпақстандағы Қазақ миллий мәдений орайы директоры Ж.Дәрменовлар шығып сөйлеп, елимиздеги миллетлер аралық татыўлық, кеңпейиллик сыяқлы улыўма инсаныйлық қәдириятлардың улығланыўын айырықша атап өтти ҳәм жыйналғанларды Наўрыз байрамы, Амал байрамы менен қутлықлады.

Институттың филология факультети қазақ тили ҳәм әдебияты кафедрасы тәрепинен шөлкемлестирилген байрам кешесинде қазақ халқының миллий тусаў кесиў, асық ойыны, туўылған баланы бесикке бөлеў сыяқлы үрп-әдет ҳәм дәстүрлери сахналастырылып, кеше мийманларына миллий тағамлар тартылды.

Сондай-ақ, кешеде институттың талантлы студентлери домбырада қосықлар атқарып, аяқ-ойынлар ойнап, байрамға айырықша көтериңкилик бағышлады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.