Пайтахтымыздағы 15-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде «Тәбийғый пәнлер айлығы» шеңберинде «Химия-биология – тәбийғый пәнлердиң султаны» атамасында методикалық семинар өткерилди. Онда Нөкис қаласындағы барлық улыўма орта билим бериў мектеплериниң усы пәнлер бойынша оқытыўшылары қатнасты.

Илаждың мақсети – билимлендириў мәкемелериндеги тәлим-тәрбия процесиниң заман талаплары дәрежесинде болыўын тәмийинлеў, пәнлер бойынша оқытыўшылардың педагогикалық тәжирийбесин арттырыў, олардың дөретиўшилик изленислерин ҳәм мийнетлерин жетилистириўден ибарат болып табылады.

Айлық шеңберинде пайтахтымыздағы барлық улыўма орта билим бериў мектеплери оқытыўшыларының қатнасыўында интерактив усылында ашық-сабақ болып өтти. Онда қызықлы ойынлар, сораў-жуўап ҳәм викториналар шөлкемлестирилди.

Оқыўшылардың бул пәнлерге болған қызығыўшылығын арттырыў мақсетинде мектепте «Тәбийғый пәнлер майданшасы» шөлкемлестирилип, онда оқыўшылар менен өткерилген қызықлы тәжирийбелер, әмелий бақлаў шынығыўлары тийкарында «химия-биология пәнлери бойынша мағлыўматлар» темасында фотокөргизбе таярланды.

Семинар жуўмағында мектеп оқыўшылары тәрепинен кеше шөлкемлестирилип, онда елимизде ҳәр қыйлы тараўларда ерисилип атырған жетискенликлер, химия-биология пәнлерине байланыслы қызықлы мағлыўматлар, жаңалықлар берилип, басқатырмалар, викториналар тийкарында химия пәнинен қызықлы тәжирийбелер өткерилди.

– Мектебимизде өткерилген «Химия-биология пән айлығы» шеңбериндеги методикалық семинарда усы пән муғаллимлери өз-ара  тәжирийбе алмасты, – дейди пайтахтымыздағы 15-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң химия пәни оқытыўшысы К.Халмуратова. – Методикалық семинар даўамында химия, биология пәнлери бойынша «Тойынған углеводородлар ямаса ацетилен», «Темир жетиспеўшилигинен келип шығатуғын кемқанлықтың алдын алыў» темаларында оқыўшыларға ашық-сабақлар өткерилди.

 

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.