Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларын додалаў порталында «Өзбекстан Республикасының Шаңарақ кодексине өзгерис ҳәм қосымша киргизиў ҳаққында»ғы ҳүжжет жойбары жәрияланды, деп хабар берди Kun.uz.

Ҳүжжет тийкарында Өзбекстан Республикасының 1998-жыл 30-апрельде қабыл етилген 607-I-санлы Нызамы тийкарында тастыйықланған Өзбекстан Республикасының Шаңарақ кодексине төмендеги өзгерис ҳәм қосымша киргизилиўи мүмкин:

16-статья (Неке дүзиўге тосқынлық ететуғын жағдайлар) төмендеги мазмундағы бесинши бәнт пенен толықтырылады:

«неке шәртнамасы дүзилмеген шахслар арасында жол қойылмайды».

30-статьяның (Неке шәртнамасын дүзиў) биринши бөлими (Неке шәртнамасы неке мәмлекетлик дизимге алынғанға шекем, сондай-ақ, неке дәўиринде де дүзилиўи мүмкин) төмендеги редакцияда жазылады:

«Неке шәртнамасы неке мәмлекетлик дизимге алынғанға шекем дүзилиўи керек».

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети:

Ҳүкиметлик қарарларды усы Нызамға муўапықластырады;

Мәмлекетлик басқарыў органлары бул Нызамға қайшы болған өз нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерин қайта көрип шығыўы ҳәм бийкар етилиўин тәмийинлейди;

Усы Нызамның орынланыўын, атқарыўшыларға жеткерилиўин және әҳмийетин халық арасында түсиндириўди тәмийинлейди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги