Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасында  «Коррупцияға қарсы гүресиў-жәмийетимиз ҳәм мәмлекетимиз қәўипсизлигиниң кепили» атамасында ушырасыў болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасының бөлим баслығы Р.Камалов, Қарақалпақстан Республикасы Жынаят ислери бойынша судының аға қәнигеси Ф.Ибрагимов, бажыхана басқармасының өз қәўипсизлик топары айрықша ислер бойынша аға оператив ўәкили К.Хайдаровлар шығып сөйлеп, коррупция иллетиниң елимиз қәўипсизлигин тәмийинлеўде тийгизетуғын кери тәсирине, онық ақыбети не менен жуўмақланатуғынына анық турмыслық мысаллар менен тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, бүгинги күни бул иллетке қарсы белгили бир шахслар шеңберинде емес, ал, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлер, кең жәмийетшиликтиң қатнасында биргеликте гүресиў кереклигин дәўирдиң өзи талап етпекте. «Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында»ғы Нызамның  16-статьясында белгилеп қойылғанындай, мәмлекетлик уйымлар, басқа да шөлкемлер тәрепинен халықтың ҳуқықый санасын ҳәм мәдениятын арттырыў, жәмийетимизде оған қарсы маўасасыз қатнасты қәлиплестириў бойынша илажлар көриў нәзерде тутылған. Бул бағдарда бажыхана басқармасы тәрепинен айтарлықтай үгит-нәсият жумыслары алып барылмақта ҳәм ол өзиниң унамлы нәтийжесин бермекте.

Илажда коррупцияға қарсы гүресиўде мәпдар шөлкемлер ҳәм ғалаба хабар қураллары менен бирге ислесиўди буннан былай да жетилистириў бойынша өз-ара пикир алысыўлар болды.

 

 Қарақалпақстан хабар агентлиги.