АҚШ қорғаныў министриниң ўазыйпасын атқарыўшы Патрик Шенахен Бағдадқа АҚШ әскерлериниң Ирактағы ҳәрекетин додалаў мақсетинде жәрияланбаған сапар менен келди.

«Биз ҳүкиметтиң усынысына бола Иракқа келдик ҳәм бизиң мақсетимиз – Ирактың қәўипсизлик тараўын раўажландырыў», деди Шенахен шийшемби күни Иракқа барған  дәслепки сапары ўақтында.

Пентагонның басшысы Ирактың Бас министри Адел Абдул Маҳдий менен ушырасыўы күтилмекте. Бул ушырасыўда Ирак мәселелеринен тысқары АҚШ әскерлерин Сириядан алып шығыў додаланады.

Сәл бурын АҚШ Президенти Дональд Трамп Бағдадтағы Айн ал-Асад ҳаўа базасында әскерлери сақланып қалынатуғыны ҳаққында айтып, буннан мақсет – регионда машқала туўдырып атырған Иранды бақлап турыў екенин айтқан еди.

ӨзА