24-октябрь күни «Арал ҳәм Мойнақтың қайта тиклениўи» атамасындағы халықаралық экофестивалы, Бердақ ҳәм Әжинияз шайырлардың халықаралық қосықлар ҳәм намалар фестивалы, «Арал балықларынан 99 түрли тағамлар» гастрономиялық фестивалы қатнасыўшылары И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейиниң биринши ҳәм екинши блокларында жайласқан экспозициялары менен танысып, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық сазлы театрының симфониялық оркестриниң концерт бағдарламасын тыңлады.

– Мен бул жерде Россия, Өзбекистан, Қарақалпақстан художниклериниң живописьлик, графикалық, мүсиншилик ҳәм қолланба қол өнери дөретпелери менен таныстым, – дейди Қашқадәрья ўәлаяты музыка ва драма театрының артисти Ф.Муродов. – Қарақалпақ дияры бийбаҳа мийрасларды менен мени таң қалдыратуғын еди. Ҳәттеки дүнья халықлары тәрепинен «Қумлар ишиндеги гәўҳар», «Саҳрадағы Лувр» ҳәм «Дүньның ең жақсы музейлериниң бири» деп баҳаланатуғын бул жерге барлық жерлеслеримиз әлбетте келиўи лазым, деп ойлайман. Бул илаж жүдә көп тәрийиплерге ҳәм тәсирлерге бай, соның ишинде, қарақалпақша «Айдынлар»ды жанлы еситиўим өз алдына болды.

 

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги