Усы жылдың 14-15-декабрь күнлери Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты мәжилислер залында «Социал-гуманитар илимлериниң актуал мәселелери: раўажланыў перспективалары» атамасындағы халықаралық илимий-теориялық конференция болып өтти.

Конференцияны институт ректоры Б.Отемуратов кирис сөз бенен ашып берди.

Конференцияның мақсети социал-гуманитар илимлериниң актуал машқалалары ҳәм раўажланыў перспективалары бойынша илимий изертлеўлердиң нәтийжелерин кең түрде додалаў ҳәм илимий усыныслар бериўден ибарат болып есапланады.

Конференцияның ашылыў салтанатында Барселона университети география ҳәм тарийх факультети тарийх ҳәм археология кафедрасының оқытыўшысы Вероника Мартинез Феррерас «Өзбекстан-Испания археологиялық топарының әййемги Термиз (Қубла Өзбекстан) әтирапындағы археологиялық изертлеўлериниң нәтийжелери», Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты профессоры, филология илимлериниң докторы К.Алламбергенов «Қарақалпақ фольклоры ҳәм әдебияты тарийхын үйрениўдиң айрым актуал машқалалары», Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты доценти, педагогика илимлериниң кандидаты А.Пазылов «Едиге» дәстанында этномәденият көринислери ҳәм оның жасларды руўхый жақтан тәрбиялаўдағы әҳмийети» атамаларында баянатлар жасады.

Конференция «Социал-гуманитар илимилериниң заманагөй изертлениўлери ҳәм раўажланыў келешеги», «Тарийх илиминиң актуал мәселелери ҳәм изертлеўлер», «Социал-гуманитар пәнлерин оқытыўдың методлары ҳәм инновациялық технологиялары» атамаларындағы секцияларда даўам етти.

Конференцияға 600 ден аслам илимий мақала ҳәм тезислер келип түскен болып, жәми 47 жоқары оқыў орынлары ҳәм илимий орайлардан, соның ишинде 12 сырт мәмлекетлерден илимий мийнетлер топланып, конференция топламында жәрияланды.

Конференцияның екинши күнинде Қарақалпақ мәмлекетлик университети профессоры, тарийх илимлериниң докторы М.Қыдырниязов «Өзбекстанның ғәрезсизлик дәўиринде Қубла Арал бойы археологиялық изертлеўлердеги жаңалықлар ҳәм машқалалар», Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы Әскерий-техникалық институты профессоры, философия илимлериниң докторы Ф.Мусаев «Ҳәрекетлер стратегиясы – реформалар философиясы» атамасындағы баянатлары менен шығып сөйледи.

Конференция жуўмақларына бойынша Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты тарийх-география факультети деканы, тарийх илимлериниң докторы М.Сарыбаев сөзге шығып, қолға киргизилген нәтийжелер ҳәм алдағы исленетуғын жумысларға айрықша тоқталды.

Конференция жумысында белсене қатнасқанлар ҳүрмет жарлықлары ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.