Өзбекистан Республикасы Президентиниң
қ а р а р ы
Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў, аўыл хожалығы егислик жерлеринен нәтийжели пайдаланыў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы 2017-жыл 9-октябрьдеги ПП-5199-санлы Пәрманының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде:
- 1. Өзбекистан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңесиниң тийкарғы ўазыйпалары ҳәм жумыс бағдарлары етип төмендегилер белгиленгени мағлыўмат ушын қабыл етилсин:
фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелериниң хожалықларының ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин, соның ишинде, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, жергиликли ҳәкимият уйымлары, тәмийинлеўши ҳәм хызмет көрсетиўши шөлкемлер менен қатнасықларда, қадағалаўшы уйымлар тәрепинен тексериўлер өткериў процесинде және судларда жумысларды көрип шығыўда қорғаў;
фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелерине аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў, қайта ислеў, сақлаў, ҳәм сатыў жумысларында соның ишинде, агротехникалық илажларды әмелге асырыўда және шәртнамалар дүзиўде, өнимлерди сыртқы базарларға экспорт етиўде ҳәр тәреплеме көмеклесиў;
аўыл хожалығында шәртнама тәртибин беккемлеў, фермер, дийқан хожалықлары басшылары ҳәм қыйтақ жер ийелериниң ҳуқықый саўатлылығын ҳәм мәдениятын арттырыў, аграр салада мийнет қатнасықларын жетилистириў бойынша комплексли илажларды әмелге асырыў;
пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары менен биргеликте нәтийжели жумыс алып барып атырған фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелерин хошаметлеў, жумысында кемшиликлерге жол қойып атырған жер ийелерине жәмийетшилик жолы менен тәсир етиў илажларын көриў;
салада заманагөй, ресурсты үнемлейтуғын алдынғы агротехнологияларды, альтернатив энергия қуралларын, сондай-ақ, инновация ҳәм мәлимлеме-коммуникация технологияларын кеңнен енгизиўге көмеклесиў;
көп тармақлы фермер хожалықларын раўажландырыў ҳәм ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ушын қолай исбилерменлик орталығын жаратыўда тиккелей қатнасыў;
шарўашылық, қусшылық, балықшылық, пал ҳәррешилик ҳәм басқа да салаларға қәнигелескен фермер хожалықларын раўажландырыў бойынша әмелий илажлар көриў, бул бағдарларда жумыс алып барып атырған үлгили фермер хожалықлардың тәжирийбелерин кеңнен ен жайдырыў;
аўыл хожалығында ҳуқықый, экономикалық, қаржылық, агротехникалық ҳәм басқа да мәселелер бойынша консалтинг хызметин, сондай-ақ, өнимди ислеп шығарыў, сатып алыў, қайта ислеў, сатыў, тәмийинлеў ҳәм хызмет көрсетиў бойынша фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелериниң басқа да шөлкемлер менен кооперациясының ҳәр түрин шөлкемлестириў ҳәм кеңейтиў, бул тараўға алдынғы шет ел тәжирийбелерин енгизиў;
аўыллық жерлерде халықтың дийқаншылық мәдениятын арттырыў, олардың егислик жерлерден нәтийжели пайдаланыў, жеке мәпдарлығын ҳәм жуўапкершилигин арттырыў бойынша кең көлемли үгит-нәсиятлаў жумысларын алып барыў.
- 2. Төмендегилер:
Өзбекистан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңесиниң шөлкемлестириўшилик структурасы 1-қосымшаға муўапық;
Өзбекистан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси атқарыў аппаратының структурасы 2-қосымшаға муўапық;
Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлық ҳәм районлардың фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеслери атқарыў аппаратлары үлги структуралары 3 ҳәм 4-қосымшаларға муўапық;
Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлық ҳәм районлық фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеслери атқарыў аппаратлары хызметкерлериниң шекленген санына қарай классификацияланған аймақлардың ҳәм районлардың дизимлери 5 ҳәм 6-қосымшаларға муўапық мақуллансын.
- 3. Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеслерине төмендеги ҳуқықлар берилсин:
халық депутатлары районлық Кеңеслери, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының мәжилислеринде фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелериниң егислик жерлерден пайдаланыўдың нәтийжелилигин додалаўда қатнасыў ҳәм өзиниң жуўмағын усыныў;
фермер хожалығын шөлкемлестириў тилегин билдирген талабанларды таңлаў, олардың резервин қәлиплестириў, маманлығын арттырып барыў ҳәм олардың арасынан мүнәсип талабанларды жер участкаларын бериў (реализациялаў) мәселелерин көрип шығыў бойынша районлық комиссияға усыныс етиў;
Өзбекистан жаслар аўқамы менен биргеликте жасларға фермер ҳәм дийқан хожалығын жүргизиў ушын жер участкаларын ажыратыў ҳаққында жер участкаларын бериў (реализациялаў) мәселелерин көрип шығыў бойынша районлық комиссияға усыныслар бериў;
фермер, дийқан хожалықларын жүргизиў ушын жер участкаларын ажыратыў бойынша жер участкаларын бериў (реализациялаў) мәселелерин көрип шығыў бойынша районлық комиссияға жуўмақлар киргизиў;
фермер ҳәм дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелериниң мәплерин гөзлеп судқа мәмлекетлик бажы төлемей шағым арзаларын, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының қарарларын, олардың лаўазымлы шахсларының ҳәрекетлери (ҳәрекетсизлиги) үстинен шағымлар бериў;
фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў мақсетинде мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, басқа да шөлкемлерден нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте зәрүр мағлыўматлар, ҳүжжетлер ҳәм материалларды сорап алыў.
- 4. Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерине байланыслы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарларын мәжбүрий түрде Өзбекистан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси (кейинги орынларда Кеңес деп жүргизиледи) менен келисилиўи шәрт екени;
Кеңес баслығы лаўазымы бойынша «Агро банк» акционерлик коммерциялық банки кеңесиниң қурамына киргизилетуғыны;
Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлық ҳәм районлық фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеслери баслықлары тийислилигинше Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаят ҳәм район ҳәкимлериниң фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелериниң жумысын раўажландырыў мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси есапланатуғыны және статусы бойынша олардың орынбасарларына теңлестирилетуғыны белгилеп қойылсын.
- 5. Районлық фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеслери жанында фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелерине комплексли хызмет көрсетиў орайлары шөлкемлестирилсин.
Орайлардың тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленсин:
аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыўшыларға консалтинг хызметлерин көрсетиў, соның ишинде, ҳуқықый, экономикалық, технологиялық салаларда мәсләҳәтлер бериў, бизнес жобалар дүзиўге көмеклесиў;
ислеп шығарылған аўыл хожалығы өнимлерин ишки ҳәм сыртқы базарларда реализациялаўда дәлдалшылық хызметлерин көрсетиў;
фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелерине шәртнама тийкарында зәрүр материаллық ресурслар, туқым ҳәм нәллер, таралар (ыдыслар), техника ҳәм басқа да қуралларды жеткерип бериў;
банк кредитлери, халықаралық ҳәм шет елли қаржы шөлкемлериниң кредит ҳәм грантларын тартыў бойынша мәсләҳәт хызметлерин көрсетиў;
аўыл хожалығы салалары бойынша белгиленген тәртипте қайта таярлаў, маманлығын арттырыў оқыў ҳәм әмелий курсларын шөлкемлестириў;
фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер участкаларында аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў, таярлаў, сақлаў, экспорт етиў ҳәм хызмет көрсетиўде кооперациялық қатнасықларды шөлкемлестириў бойынша хызметлер көрсетиў.
- 6. Барлық фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелериниң егислик жерлеринде олардың усынысларын есапқа алған ҳалда аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў бойынша болжаў көлемлери белгиленетуғыны;
ҳәр жылы 1-февральға шекем пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының баслықлары Ишки ислер уйымларының профилактика инспекторлары менен биргеликте үйме-үй жүрип, аймақтағы дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелериниң егислик жерлерин хатлаўдан өткеретуғыны, оларда жыл даўамында егилетуғын егин түрлерин ҳәм жетистиретуғын өнимниң көлемлерин шаңарақтың зәрүрлиги ҳәм сатыў ушын мөлшерленген бөлеклерге ажыратқан ҳалда анықлайтуғыны, өним жеткерип бериў бойынша шәртнамалар дүзилетуғыны, егинлердиң толық ҳәм сапалы егилетуғыны, агротехникалық илажлардың өз ўақтында әмелге асырыўы бойынша жәмийетлик қадағалаўды шөлкемлестиретуғыны;
жеке тәртипте турақ жай қурыў ҳәм турақ жайды абаданластырыў ушын берилген жер участкаларының қыйтақ жер бөлегинде тийкарсыз түрде аўыл хожалығы егинлерин екпеген яки оны абаданластырмаған жер ийелерине белгиленген жер салығы ставкасының үш есеге арттырылған муғдары қолланылатуғыны;
дийқан хожалығын жүргизиў ушын турақ жай қурыў ҳуқықысыз берилген жер участкаларында аўыл хожалығы егинлерин екпеген жер ийелериниң жер участкасына болған ҳуқықы нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте бийкар етилетуғыны белгилеп қойылсын.
- 7. Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелериниң жумысын буннан былай да раўажландырыў, олардың егислик жерлерден нәтийжели пайдаланыўын шөлкемлестириў бойынша илажлар бағдарламасы 7-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Бағдарламада нәзерде тутылған илажлардың өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўы бойынша министрликлер менен ведомстволардың басшыларына жеке жуўапкершилик жүкленсин.
- 8. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм районлар ҳәкимликлери пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары менен биргеликте:
ҳәр жылы кейинги жылдың зүрәәти ушын егин егиўден бир ай бурын фермер хожалықлары кесиминде, контурлар ҳәм егин түрлери бойынша, топырақ, ықлым, суў шараятынан келип шығып, кеминде еки мәрте зүрәәт алыўын есапқа алған ҳалда аўыл хожалығы егинлери орналастырылыўын тәмийинлесин;
ҳәр жылы 15-февральға шекем барлық дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер участкалары кесиминде жетистирилетуғын өнимлердиң болжаў көлемлерин пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының қарарлары тийкарында тастыйықланыўын шөлкемлестирсин.
- 9. Өзбекистан Республикасы Аўыл ҳәм суў хожалығы министрлиги, Әдиллик министрлиги, Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети, Мәмлекетлик салық комитети Кеңес, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаят ҳәм район ҳәкимлери, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары менен биргеликте:
фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелериниң көтере тутыныўшылары соның ишинде, таярлаўшы, қайта ислеўши ҳәм экспорт етиўши шөлкемлер, агрофирмалар, саўда ислеў кәрханалары менен өним жеткерип бериў ҳаққында, базар ҳәкимшилиги менен болса жетистирилген өнимди тиккелей базарда усақлап сатыў ҳаққында шәртнамалар дүзилиўин системалы түрде шөлкемлестирсин;
аўыл хожалығы егинлериниң толық ҳәм сапалы егилиўин, агротехникалық илажлардың өз ўақтында әмелге асырылыўын заманагөй өлшеў қураллары, соның ишинде, ушыўшысыз ушыў аппаратларынан (дронлардан) пайдаланған ҳалда турақлы түрде мониторинг етип барсын;
жер майданларынан нәтийжесиз пайдаланған, аўыл хожалығы егинлерин толық екпеген, агротехникалық илажларды өз ўақтында әмелге асырмаған фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелерине нызам ҳүжжетлеринде белгиленген жуўапкершилик илажлары көрилиўин тәмийинлесин.
- 1 Өзбекистан Республикасы Әдиллик министрлиги фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелериниң көтере тутыныўшылар, соның ишинде, таярлаўшы, қайта ислеўши ҳәм экспорт етиўши шөлкемлер, агрофирмалар, саўда ислеў кәрханалары арасында шәртнамалар дүзиўде ҳәм орынлаўда нызамшылыққа әмел етилиўин, шәртнама тәртибин бузғаны ушын тәреплердиң жуўапкершиликке тартылыўы үстинен системалы қадағалаў алып барсын.
- 11. Өзбекистан Республикасы Қаржы министрлиги:
2017-жылдың 1-ноябринен баслап фермер хожалықлары тәрепинен Кеңеске ағзалық төлемлерин төлеў ушын ҳәр жылы пахта шийки затының сатып алыў баҳасын орнатыўда 0,8 процент муғдардағы қаржыларды нәзерде тутсын;
Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Аўыл хожалығы өнимлериниң мәмлекетлик сатып алыныўы ҳәм аўыл хожалығын техника менен тәмийинлеўди мақсетли қаржыландырыў қоры менен биргеликте Қордың ҳәр жылы қәлиплесетуғын балансында айрықша бәнтте бул қаржыларды айма-ай көрсетсин;
Орайлық банк, Кеңес, басқа да мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте еки ай мүддетте фермер хожалықларының ағзалық төлемин Кеңеске өткериў ҳәм тастыйықланатуғын смета тийкарында қәрежет етиў тәртибин ислеп шықсын ҳәм белгиленген тәртипте тастыйықласын.
- 12. Өзбекистан Республикасы қаржы министриниң агросанаат комплексине жуўапкер болған орынбасарына аўыл хожалығында төлем тәртибин беккемлеў, фермер хожалықларының қаржылай турақлылығын тәмийинлеў бойынша анық илажлар көриў ўазыйпасы жүкленсин.
- 13. Кеңес Ташкент қаласы, Яккасарай районы, Бабур көшеси, 4-жай мәнзилиндеги имаратқа бийпул пайдаланыў ҳуқықы менен орналастырылсын.
Өзбекистан Республикасы Қаржы министрлиги бир ай мүддетте Кеңеске ажыратылған имаратты оңлаў ҳәм үскенелеў дәреклери бойынша Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери Өзбекистан Республикасы Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети менен биргеликте еки ай мүддетте фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеслерин зәрүр имаратлар менен тәмийинлесин.
- 14. Өзбекистан Республикасы Аўыл ҳәм суў хожалығы министрлиги Әдиллик министрлиги, басқа да мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар ҳаққындағы усынысларды Министрлер Кабинетине киргизсин.
- 15. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекистан Республикасы Бас министриниң орынбасары – аўыл ҳәм суў хожалығы министри З.Т.Мирзаевқа ҳәм Өзбекистан Республикасы Әдиллик министри Р.Қ.Давлетовқа жүкленсин.
Өзбекистан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2017-жыл 10-октябрь