Жақында  пайтахтымыздағы 12-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде Өзбекистан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги менен биргеликте шөлкемлестирилген «Наўайы мийрасқорлары» таңлаўының республикалық басқышы болып өтти.

Оған республикамыздағы барлық орта улыўма билим бериў мектеплериниң 11 жастан 15 жасқа шекемги оқыўшылары қатнасты.

Олар 4 шәрт бойынша:  Әлийшер Наўайы ғәззеллеринен 30  ғәзелди ядтан айтыў, қәтесиз ҳәм тәсирли оқыў, ғәззел текстин жазба түрде жазып бериў, ондағы түсиниў қыйын болған сөзлерди түсиндириў бойынша 15  қатнасыўшы өз шеберлигин көрсетти.

Таңлаўды өткериўдеги тийкарғы мақсет – жаслар арасында китап оқыў ҳәм китапқумарлық мәдениятын арттырыў, ғәззел мүлкиниң султаны Әлийшер Наўайының өмирин ҳәм дөретиўшилигин үйрениў, шығармаларының мазмун-мәнисин кең жәмийетшиликке, әсиресе, жас әўлад санасына терең сиңдириўден ибарат.

Таңлаў  жуўмағында төрешилер тәрепинен Елликқала районындағы 50-санлы мектептиң оқыўшысы М.Шәрипова биринши, Тахтакөпир районлық 2-санлы мектептиң оқыўшысы Н.Жақсылықова екинши, Хожели районындағы 71-санлы мектептиң оқыўшысы Г.Сабирова үшинши орынды жеңип алып, шөлкемлестириўшилер тәрепинен саўғалар менен сыйлықланды.

 

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги