Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 27 жыллық байрамы қарсаңында Мойнақ районы ҳәкимлиги тәрепинен имканияты шекленген пуқараларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде райондағы «Бозатаў» аўыл пуқаралар жыйыны турғыны Р.Асеновқа қәўендерлик есабынан үй саўға етилди. Район ҳәкими, 1-сектор басшысы С.Дәнияров байрам менен қутлықлап, байрам саўғаларын тапсырды. Бул ҳаққында район ҳәкимлигиниң рәсмий сайты хабар бермекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги