Көксарайда өткен сөйлесиўлер бойынша Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Египет Араб Республикасы Президенти Абдулфаттоҳ ас-Сисидиң Бирликтеги билдириўи қабыл етилди.
Еки ел ҳүкимети ҳәм министрликлери арасында туризм, инвестиция, салық, әдиллик, аўыл хожалығы, мәдений мийрас ҳәм спорт тараўлары, сыртқы ислер ҳәм жаслар мәселелери бойынша 12 ҳүжжетке қол қойылды. Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президентиниң Баспасөз хызмети мәлим етпекте.
Президентлер болып өткен сөйлесиўлерден ҳәм ерисилген келисимлерден қанаатланғанлығын, Өзбекстан менен Египет қатнасықларында жаңа басқыш басланғанын атап өтти.
« Мырза Абдулфаттоҳ ас-Сисидиң Өзбекстанға биринши рәсмий сапары еки ел қатнасықларында тарийхый әҳмийетке ийе болды. Ашық, дослық ҳәм әмелий руўхта өткен сөйлесиўлеримиз барлық мәселелер бойынша көзқарасларымыз уқсаслығын көрсетти. Бүгинги келисимлер Өзбекстан менен Египет арасындағы қатнасықларды сапа ҳәм мәниси жағынан байытып, өз-ара пайдалы бирге ислесиўимизди жаңа, жоқары басқышқа көтериўге хызмет ететуғынына исенемен», деди Шавкат Мирзиёев.
Египет Президенти Өзбекстан менен бирге ислесиўдиң барлық тараўлары бойынша келисип алғанын, бул келисимлер келешектеги сапарларға тийкар жарататуғынын ҳәм үлкен нәтийжелердиң тырнағы болатуғынын атап өтти.
Абдулфаттоҳ ас-Сисидиң елимизге рәсмий сапары бүгин жуўмақланады.
ӨзА