Көксарай резиденциясында 5-сентябрь күни Египет Араб Республикасы Президенти Абдулфаттоҳ ас-Сисиди рәсмий күтип алыў мәресими болды. Уллы Мәртебели мийманның келиўине ҳүрметли қараўыл сап тартты.

Шавкат Мирзиёев ҳәм Абдулфаттоҳ ас-Сиси  пьедесталға көтерилди. Еки елдиң мәмлекетлик гимнлери жаңлады. Президентлер ҳүрметли қараўыл қатары алдынан өтти. Буннан соң мәмлекет басшыларының тар шеңбердеги ушырасыўы басланды. Президент Шавкат Мирзиёев Египет Президентин елимизге сапары менен қутлықлады.

– Биз Египет Араб Республикасын тарийхы уқсас, әййемги цивилизация, бай тарийхқа ийе, илимге терең итибар қаратқан мәмлекет деп билемиз. Бизиң бирлигимиз, жақынлығымыз жүдә әййемге барып тақалады. Ата-бабаларымыз биргеликте илимди раўажландырған, мәдений бирге ислесиў, саўда-сатық ислеген. Буған тарийхта мысаллар жүдә көп. Бизиң халқымызда «Меҳр көзде» деген дана нақыл бар. Биз қанша көп ушырассақ, пикирлессек, өз-ара барыс-келислерди жолға қойып, түрли тараўларда нәтийжели бирге ислесиўди күшейтсек, бул әлбетте халықларымыздың жақсы умытылыслары менен мәплерине толық сай келеди, деди Президентимиз.

-Бәринен бурын Өзбекстанға мирәт еткениңиз ушын миннетдаршылығымды билдирмекшимен. Елиңизге келген биринши күннен баслап өзимди елимдегидей сезбектемен. Египет халқы елимиз бенен мың жыллық бирдей тарийхқа ийе елиңизди ҳүрмет етеди. Мен ойлайман, бул сапар етиў тек ғана өз-ара бирге ислесиўди беккемлеўге емес, ал барлық тараўларда үлкен жетикенликлерге түртки береди. Биз сиясий, саўда-экономикалық, инвестиция, мәденият сыяқлы тараўларда бирге ислесиўди раўажланыдырыў мәселелерин көрип шығамыз. Терроризмге ҳәм экстремизмге қарсы гүрес бойынша пикир алысамыз. Биз қатнасықларымызды барлық тараўда раўажландырыў тәрепдарымыз,-деди Египет басшысы.

Сөйлесиўде еллеримиз арасындағы бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы ҳәм перспективалары, халықаралық ҳәм регионаллық сиясаттың әҳмийетли мәселелери бойынша пикир алысылды.

Бурын хабар етилгениндей, Өзбекстан-Египет сөйлесиўлериниң жуўмағында мәмлекет басшыларының Бирликтеги билдириўиниң қабыл етилиўи мөлшерленген. Өзбекстан менен Египет арасында сиясий, саўда-экономикалық, мәдений-гуманитарлық тараўлардағы бирге ислесиўлерди беккемлеўге ҳәм кеңейтиўге қаратылған салмақлы ҳүжжетлер топламына қол қойылыўы күтилмекте.

Матназар ЭЛМУРОДОВ,

ӨзА