Президент басламасы менен 2017-жыл 12-декабрьде шөлкемлестирилген агентликтиң мақсети пуқараларға жедел, қолайлы, әдил хызметлерди усыныўдан ибарат. Пуқараларға жеңиллик жаратыў мақсетинде агентлик өз Телеграм (https://t.me/davxizmat) каналын ашты. Бул ҳаққында Daryo.uz хабар бермекте.
Ҳәзирги ўақытта республика бойлап Президент Халық қабыллаўханалары жанында жумыс алып барыўшы 201 Мәмлекетлик хызметлер орайлары бар.
Телеграм канал арқалы исбилерменлик субъектлери ҳәм пуқаралар мәмлекетлик хызметлер көрсетиў тараўындағы жаңалықлар, тийисли хызметтен пайдаланыў ушын керекли ҳүжжетлер ҳаққында түсиникке ийе болыўы мүмкин.
Қарақалпақстан хабар агентлиги