Өзбекстан Республикасының нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларын додалаў порталында Өзбекстан Республикасы Жынаят, Жынаят-процессуал ҳәм Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекслерине өзгерис киргизиў ҳаққындағы нызам жойбары додалаўға қойылды. Бул ҳаққында Xabar.uz сайтына тийкарланып Daryo.uz хабар бермекте.

 

Жойбарға муўапық, Жынаят кодексиниң 127-статьясына төмендеги қосымшаларды киргизиў усыныс етилген:

 

Аэропорт, вокзал, парк, дем алыў орынлары, базарлар ҳәм саўда комплекслери аймақлары, сондай-ақ, оларға тийисли болған аймақлар – автотранспорт қуралларын ўақытша қойыў орынлары, бәндиргилер, автотранспорт қураллары өтетуғын жоллар, мәдений ҳәм руўхый мийрас объектлери жайласқан аймақлар, барлық түрдеги жәмийетлик транспортлар және басқа жәмийетлик орынларда турақлы түрде пул, азық-аўқатлық өнимлер менен басқа қымбат баҳалы буйымларды сорайтуғынлар:

300 сааттан 600 саатқа шекем жәмийетлик жумысларға тартыў ямаса 1 жылдан 3 жылға шекем еркинлигин шеклеў яки 3 жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.

 

Усындай ҳәрекетлер ержетпеген адам қатнасыўында ямаса оннан пайдаланған жағдайда, сондай-ақ, руўхый жақтан наўқас, майыплығы болған адамлар, өзин майып сыпатында көрсеткен адамлар яки болмаса мәжбүрий түрде наркотик ҳәм психотроп затлар, алкоголь өнимлерин пайдаланған, бирақ ақылый жақтан саламат инсанлар тәрепинен әмелге асырылса:

300-600 сааттан 400-800 саатқа шекем жәмийетлик жумысларға тартыў ямаса 3 жылдан 5 жылға шекем еркинлигин шеклеў яки 3 жылдан 5 жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.

 

Егер бул ҳәрекетлер:

А) Бир топар адамлар ямаса қәўипли рецидивистлер тәрепинен қайта әмелге асырылса;

Б) Бир топар адамлар тәрепинен әмелге асырылса;

В) Мәжбүрий түрде наркотик ямаса психотроп затлар тәсиринде әмелге асырылса;

Г) Зорлық ямаса зорлық етиў менен қорқытыў арқалы әмелге асырылса

5 жылдан 8 жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.

 

Сондай-ақ, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 188-статьясына төмендеги қосымша киргизиледи:

Аэропорт, вокзал, парк, дем алыў орынлары, базарлар ҳәм саўда комплекслери аймақлары, сондай-ақ, оларға тийисли болған аймақлар – автотранспорт қуралларын ўақытша қойыў орынлары, бәндиргилер, автотранспорт қураллары өтетуғын жоллар, мәдений ҳәм руўхый мийрас объектлери жайласқан аймақлар, барлық түрдеги жәмийетлик транспортлар және басқа жәмийетлик орынларда турақлы түрде пул, азық-аўқатлық өнимлер менен басқа қымбат баҳалы буйымларды сорайтуғынлар:

– ең кем мийнет ҳақының 5 есесинен 10 есесине шекемги муғдарда жәриймаға тартыў ямаса 5 суткаға шекем ҳәкимшилик қамақ пенен жазаланады.

 

Усындай ҳәрекетлер ержетпеген адам қатнасыўында ямаса оннан пайдаланған жағдайда, сондай-ақ, руўхый жақтан наўқас, майыплығы болған адамлар, өзин майып сыпатында көрсеткен адамлар яки болмаса мәжбүрий түрде наркотик ҳәм психотроп затлар, алкоголь өнимлерин пайдаланған, бирақ ақылый жақтан саламат инсанлар тәрепинен әмелге асырылса:

– ең кем мийнет ҳақының 10 есесинен 15 есесине шекемги муғдарда жәриймаға тартыў ямаса 5 суткадан 10 суткаға шекем ҳәкимшилик қамақ пенен жазаланады.

 

Еслетип өтиў керек, бул ҳүжжет ҳәзирше тек жойбар болып, ол тастыйықланыўы, өзгериўи ямаса бийкар етилиўи мүмкин.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.