27-август күни Президент Шавкат Мирзиёев басшылығында жыйналыс болып өтти. Жыйналыс жуўмақларына бола, Президент аппараты структурасында өзгерислер болды.

Kun.uz басылымының хабар бериўинше, Президент аппараты Президент администрациясы етип қайта шөлкемлестирилген ҳәм усы күнге шекем Президент атқарыў аппараты басшысы-кеңесгөйи сыпатында хызмет көрсетип келген Зайнилобиддин Низомиддинов администрация басшысы болған.

Буннан былай мәмлекетлик кеңесгөй институты сапластырылған, мәмлекетлик кеңесгөйлер президент кеңесгөйлерине айланған.

Президенттиң жаслар сиясаты мәселелери бойынша бурынғы мәмлекетлик кеңесгөйи Қаҳрамон Қуранбаев ҳәм мәденият, баспасөз ҳәм дөретиўшилик шөлкемлери мәселелери бойынша бурынғы мәмлекетлик кеңесгөй Хайриддин Султонов басқа жумысқа өткерилген.

Қуранбаев илим, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў ҳәм спортты раўажландырыў мәселелери бойынша сектор басшысы Абдужаббор Абдувоҳидовқа орынбасар болған.

Хайриддин Султонов басқарған хызметти ҳәзирги ўақытта Абдужаббор Абдувоҳидов басқарып турады.

Султонов мәмлекетлик басшы спичрайтери (шығып сөйлейтуғын сөзлерин жазып беретуғын – ред.) сыпатында президенттиң шығып сөйлейтуғын сөзлерин таярлаўды даўам еттиреди және президент кеңесгөйи болып есапланады.

Басқа бурынғы мәмлекетлик кеңесгөйлер Рустам Қосимов, Рустам Иноятов (Б.Мавлоновтың биринши орынбасары), Виктор Маҳмудов (Қәўипсизлик кеңеси секретары) ҳәм Турсунхон Худайбергенов өз лаўазымларына қайта тайынланған. Президент аппаратының бурынғы басшысы Зелимхон Ҳайдаровтың кейинги лаўазымы ҳаққында ҳәзирше мағлыўмат жоқ.

Сондай-ақ, Хызметлер басқармасы да сапластырылып, оның орнына жаңа басқарма дүзилген. Президент администрациясы жумысларын администрация басшысы муўапықластырып барады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги