Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң жигирма жети жыллық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында»ғы қарары тийкарында республикамызда байрам алдынан ҳәр қыйлы илажлар өткерилмекте.

27-август күни пайтахтымыздағы Орайлық дийқан базарында Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық  Кеңеси  тәрепинен «Ғәрезсизлигимизге мениң үлесим» сүрени астында республикамызда жумыс алып барып атырған белсенди исбилерменлер, фермерлер тәрепинен ислеп шығарылған, жергиликли базар ҳәм экспортқа тартылған өнимлер көргизбеси өткерилди.

Көргизбеде O`zLiDeP Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси баслығы С.Турманов шығып сөйлеп, елимизде исбилерменлик жумысына қаратылып атырған итибар, бизнес жүргизиў ушын жаратылған қолайлы шараятлар, «Жаслар келешегимиз» мәмлекетлик бағдарламасы тийкарында жасларға ажыратылған жеңилликли кредитлер туўралы кең түрде атап өтти.

Көргизбеде республикамыздың  50 ден аслам исбилерменлери, 40 тан зыят фермери ҳәм 20 ға шамалас өнерментлер өзлери жетистирген  өнимлери менен қатнасты.

-2011-жылы текстиль өнимлерин ислеп шығаратуғын кәрхана ашқан едим. Бүгинги күнде кәрханамызда 40 түрдеги таяр өнимлер ислеп шығарылмақта. Ҳәзирги ўақытта республикамыздың 5 районында кийим тигиў цехымыз жумыс алып бармақта. 30 дан аслам жаслар жумыс пенен тәмийинленген, – дейди  «ЗарДилДилбар» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң баслығы  Пәрўаз Ережепова. – Көргизбеге 40 тан аслам өнимлеримиз бенен қатнасып атырмыз. Бундай илажлар исбилерменлерге, фермерлерге өз өнимлерин базарға шығарып, халқымызға  таныстырыў ушын жақсы имканият жаратады, -деп ойлайман.

Елимизде тараўды раўажландырыў мақсетинде әмелге асырылып атырған реформалар нәтийжесинде бүгинги күнде республикамыздағы исбилерменлердиң саны усы жылдың июль айы ҳалатына 15258 ди қураған. Соннан жаңадан жумыс баслаған исбилерменлердиң  саны  1455 ке жеткен.

Көргизбеде белсене қатнасқан «Абдурахман Алибек» фермер хожалығына, исбилерменлер – Зульфия Давронова («Румол дизайн Нукус») ЖШЖ, Пәрўаз Ережепова («ЗарДилДилбар» ЖШЖ), өнерментлер Гүлмира Жумамуратова ҳәм Гүлсара Нурлепесова, Нөкис районынан өзиниң  қыйтақ жеринде өним жетистирип атырған Арзыгүл Байсиеваға, сондай-ақ, халықтың, әсиресе, жаслардың бәнтлигин тәмийинлеўге өз үлесин қосқан партия электоратлары ўәкиллерине ӨзЛиДеП тәрепинен  Миннетдаршылық  хаты тапсырылды.

Илаж даўамында  исбилерменлер, фермер ҳәм дийқанлар тәрепинен жетистирген өнимлердиң саўда ярмаркасы шөлкемлестирилди.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы

(М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери).