Өзбекстан Республикасы менен Қытай Халық Республикасы арасындағы дослық ҳәм бирге ислесиў қатнасықлары барлық тараўларда избе-из раўажланбақта. Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қытай Халық Республикасы Баслығы Си Цзиньпин басшылығында әмелге асырылып атырған өз-ара пайдалы қатнасықларды беккемлеўде мәдений-гуманитарлық байланыслар әҳмийетли орын ийелемекте. Бул бағдарда еки мәмлекеттиң ғалаба хабар қураллары, баспа ҳәм полиграфия мәкемелери арасындағы бирге ислесиў, айрықша, дыққатқа ылайық болып табылады.

Өткен жылы Қытай Халық Республикасы Баслығы Си Цзиньпинниң «Мәмлекетлик басқарыў ҳаққында» китабы «Өзбекстан» баспа-полиграфия дөретиўшилик үйи және Қытай шет тиллер басылымы –«Forеign Languages Press» менен биргеликте өзбек тилинде басып шығарылғаны биргеликте әмелге асырылған илимий-дөретиўшилик мийнеттиң әҳмийетли нәтийжеси болды. Дүнья жүзинде тән алынған үлкен мәмлекетлик ҳәм сиясий ғайраткер Си Цзиньпинниң бул мазмунлы шығармасы Өзбекстанда үлкен қызығыўшылық пенен күтип алынды.

Усы жыл 21-август күни Пекин қаласында 25-халықаралық китап көргизбеси өз жумысын баслады. Көргизбеде Қытай Халық Республикасы Баслығының елимизде басып шығарылған бул китабы да таныстырылды.

Көргизбе шеңберинде болып өткен сәўбетлесиўлер ҳәм сөйлесиўлерде бундай бирге ислесиўдиң әҳмийети айрықша атап өтилди және баспа ҳәм полиграфия тараўында, әҳмийетли социаллық темаларда биргеликте китаплар, альбомлар таярлаў ҳәм басып шығарыў, жоқары қәнигели илимпазлар, аўдармашы-филологлар, редакторлар, баспа-полиграфия хызметкерлери қатнасында жаңа қоспа жойбарларды әмелге асырыў, өз-ара тәжирийбе ҳәм қәнигеликлер алмасыў перспективалары ҳаққында ҳәр тәреплеме пикирлесилди.

Бул көргизбе шеңберинде елимиз турмысына байланыслы және бир әҳмийетли ўақыя болып өтти. «Мәмлекетлик басқарыў ҳаққында» китабының тийкарғы аўдармашыларынан бири, Өзбекстан Республикасында хызмет көрсеткен журналист, белгили жазыўшы ҳәм дилмаш Муртазо Қаршибоев Қытай Халық Республикасының «Баспасөз тараўындағы үлкен үлеси ушын» сыйлығы менен сыйлықланды. Уллы Британия, Япония, Польша, Россия, Латвия, Қырғызстан, Венгрия, Марокаш, Иран, Непал, Румыния сыяқлы жәми 15 мәмлекеттиң Қытай тарийхы, тили ҳәм әдебияты бойынша абырайлы илимпазлары, дилмаш ҳәм қәнигелери қатарында өзбек аўдармашысының да әне усындай жоқары сыйлыққа ылайық болғаны ел-халқымызға, бай тарийхымызға ҳәм мәдениятымызға, бүгинги күнде елимизде алып барылып атырған реформаларға жоқары ҳүрметтиң көриниси болып табылады.

ӨзА