Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 27 жыллық байрамы елимиз бойлап көтериңкилик руўхта кең түрде белгиленбекте. Орынларда байрамға бағышланған илажлар өткерилмекте.
25–август күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзалары, Нызамшылық палатасының депутатлары, елимизге белгили жазыўшылар, шайырлар ҳәм көркем өнер ғайраткерлеринен ибарат үгит-нәсият топары республикамызға келип, пайтахтымыздағы И.Юсупов атындағы мәмлекетлик қәнигелестирилген мектеп-интернатында мектеп оқыўшылары ҳәм оқытыўшылары менен ушырасыў өткерди.
Илажды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы С.Турманов алып барды.
Онда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының комитет баслығы Б.Матмуратов, Өзбекстан Республикасына мийнети сиңген көркем өнер ғайраткери И.Ғафуров, Өзбекстан халық артисти Я.Ахмедов, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының баслығы С.Сайид, «Нураний» қоры Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы Ш.Уснатдинов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, жыйналғанларды байрам менен қызғын қутлықлады. Ғәрезсизлик жылларында халқымыз тәрепинен ерисилген жетискенликлерге кеңнен тоқтап өтти.
Атап өтилгениндей, соңғы жыллары мәденият, әдебият, журналистика тараўына жоқары итибар қаратылмақта. Жаслардың китапқа болған ықласын арттырыў, билимин тереңлестириў мақсетинде арнаўлы таңлаўлар, жарыслар өткерилмекте. Бул әлбетте, елимиз жасларының мәдениятқа ҳәм әдебиятқа болған сүйиспеншилигин арттырмақта.
Президентимиздиң басламасы менен пайтахтымыздан қурылған И.Юсупов атындағы мәмлекетлик қәнигелестирилген мектеп-интернатына билимли, китапқумар, зыялы жаслардың жәмленгени елимизде жасларға болған итибардың айрықша екенинен дәрек береди.
Илажда шайырлар, мектеп оқыўшылары өзлериниң байрамға арнап жазған қосықларынан оқып, әдебий мушайра өткерилди.
Елимиз бойлап байрамға арналған илажлар даўам етпекте.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.
(Б.Шәрибаевтың түсирген сүўретлери).