Қәдирдан Гурбангули Маликгулиевич!
Ҳүрметли мәмлекет басшылары!
Ҳүрметли әнжуман қатнасыўшылары!
Бәринен бурын, ҳүрметли Гурбангули Маликгулиевичке миймандослық ҳәм бүгинги саммит Түркменстан гәўҳары болған гөззал «Аваза» туристлик зонасында жоқары дәрежеде шөлкемлестирилгени ушын шын жүректен миннетдаршылық билдириўге рухсат еткейсиз.
Өзбекстан Түркменстанның Аралды қутқарыў халықаралық қорына басшылық жумысын жоқары баҳалайды.
Түркменстанлы досларымыз тәрепинен бул көп қырлы структураның жумысын раўажландырыў ҳәм жетилистириў, оның халықаралық абырайын арттырыў бойынша үлкен әмелий жумыслар алып барылмақта.
Қордың тийкарын салыўшылар болған мәмлекет басшыларының дерлик он жыллық тәнепистен кейин өтип атырған бүгинги тарийхый мәжилиси бул шөлкемниң жумысында жаңа бет ашады, Орайлық Азия регионындағы өз-ара бирге ислесиўди жаңа басқышқа көтереди.
Бүгин бәршемиз түркмен үлкесинде өз-ара пайдалы бирге ислесиўге таяр екенимизди және бир мәрте исенимли түрде тастыйықлаймыз.
Арал теңизиниң қурыўы машқаласы бизиң регионаллық жумысымыздың күн тәртибинде айрықша орын тутады – бул бизиң улыўма апатшылығымыз болып табылады. Оның унамсыз ақыбетлери, тилекке қарсы, барған сайын тереңлеспекте.
Аралбойы аймағын ол жерде пайда болған саҳра ийелеп алмақта.
Ақыбетинде биз суў ресурсларының жетиспеўшилиги, ишимлик суўы сапасының жаманласыўы, топырақтың деградацияға ушыраўы биоҳәрқыйлылықтың кескин азайыўы, үлкен ықлым өзгерислерин айқын сезип турмыз.
Усы мүнәсибет пенен бүгинги ушырасыўымыз оғада үлкен әҳмийетке ийе.
Биз улыўма мәплеримизден келип шыға отырып, бул машқаланың ақыбетлерин сапластырыў ҳәм Аралбойындағы социаллық-экономикалық жағдайды жақсылаў, регионның суў ҳәм экология менен байланыслы машқалаларына шешим табыў бойынша ҳәрекетлеримизди бирлестириўимиз зәрүр.
Ҳүрметли әнжуман қатнасыўшылары!
Ҳәзирги ўақытта Аралды қутқарыў халықаралық қоры Орайлық Азияда ўақыт сынағынан өткен бирден-бир регионаллық шөлкем болып, мәмлекетлеримиз арасында бул бағдарда бирге ислесиўдиң әмелий механизми бола алады.
Биз Қордың жумысында Қырғызстан Республикасының қатнасыўы тикленгенин қоллап-қуўатлаймыз.
Биз бул шөлкем шеңберинде региондағы барлық мәмлекетлердиң мәплери арасында теңсалмақлылықты тәмийинлеўге ерисемиз, бизиң улыўма келешегимиз – өзимиздиң қолымызда. Тек ғана барлық регион мәмлекетлериниң Қордың жумысында, соның ишинде, Арал теңизи аймағындағы мәмлекетлерге жәрдем көрсетиў бойынша төртинши Бағдарламаны ислеп шығыў ҳәм өз-ара келисиў процесине толық қатнасыўы арқалы биз бул бағдардағы улыўма машқалаларды шешиўимиз қәўип-қәтерлерди сапластырыўымыз мүмкин.
Усы мүнәсибет пенен биз Аралды қутқарыў халықаралық қорының нормативлик-ҳуқықый тийкарларын ҳәм шөлкемлестириў структурасын жетилистириў бойынша шериклеримиз билдирген усынысларды көрип шығыўға таярмыз.
Ҳүрметли дослар!
Усы жерде Жәҳән банки, Азия раўажланыў банки, Глобаллық экологиялық фонд ҳәм басқа да бирге ислесиўши шөлкемлер, донор мәмлекетлердиң жәрдеминде Өзбекстанда Арал бойындағы экологиялық апатшылықтың ақыбетлерин сапластырыў бойынша алып барылып атырған ҳәрекетлерге қысқаша тоқтап өтиў зәрүр, деп ойлайман.
Соңғы бир неше жыл даўамында Өзбекстан Аралбойы аймағында бир қатар кең көлемли жойбарларды әмелге асырды. Аралдың қурғап қалған аймағында сексеўил ҳәм басқа да шорланыўға шыдамлы өсимликлерден ибарат 350 мың гектарлық тоғайзарлар жаратылды. Бундай аймақлардың улыўма майданы ҳәзирги күнде 700 мың гектарды қурамақта.
Арал теңизи апатшылығы ақыбетлерин жумсартыў ҳәм Аралбойы аймағын раўажландырыў бойынша 2013-2017-жылларға мөлшерленген Комплексли илажлар бағдарламасы шеңберинде 500 ден аслам жойбарлар әмелге асырылды. Олардың ярымынан көби миллий жойбарлар болып табылады.
2018-2021-жыллары Аралбойы аймағын раўажландырыў бойынша Мәмлекетлик бағдарлама қабыл етилди.
Соның менен бирге, Өзбекстан Аралбойы регионы ушын Инсан қәўипсизлиги бойынша көп тәреплеме шериклик тийкарында траст фондын шөлкемлестириў бағдарындағы басламаларды алға қойды ҳәм бул БМШ тәрепинен қоллап-қуўатланды.
Бизиң пикиримизше, БМШтың қәўендерлигинде жумыс алып баратуғын Траст фондының жумысы ҳәм түркмен досларымыздың усынысы тийкарында бүгин тастыйықланатуғын Арал теңизи бассейни ушын БМШтың арнаўлы Бағдарламасының әмелге асырылыўы бирин-бири толықтырады.
Ҳүрметли дослар!
Усы жылдың июнь айында Ташкент қаласында Аралбойы апатшылығы ақыбетлерин жумсартыўға бағышланып өткерилген халықаралық конференцияның тийкарғы жуўмақлары менен усынысларын есапқа алған ҳалда, бизиң нәзеримизде, өз-ара бирге ислесиў бағдарында үлкен әҳмийетке ийе болған төмендеги бағдарларды айрықша атап өтпекшимен.
Биринши. Регонымызда қолайлы экологиялық жағдайды түп-тийкарынан жақсылаў ушын исенимли ҳәм стандарт емес илажлар зәрүр.
Усы мүнәсибет пенен Аралбойы аймағын Экологиялық инновация ҳәм технологиялар зонасы, деп жәриялаў мәселесин көрип шығыўды усыныс етемен.
Бул баслама бизиң улыўма күшимизди төмендеги мақсетлер бойынша бирлестириўге қаратылған:
экологиялық таза технологияларды ислеп шығарыўға ҳәм әмелге асырыўға сырт ел инвестицияларын тартыў ушын шараят жаратыў;
«жасыл экономика», экологиялық таза, энергия ҳәм суўды үнемлейтуғын технологиялар принциплерин комплексли түрде енгизиў;
шөллениў ҳәм экологиялық миграцияның даўам етиўине шек қойыў;
экотуризмди раўажландырыў ҳәм басқа да илажларды әмелге асырыў.
Бизиң басламаларымызды ҳәр тәреплеме додалаў мақсетинде келеси жылы Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, Жәҳән банки, Азия раўажланыў банки ҳәм Глобал экологиялық фондтың жәрдеминде арнаўлы конференция шөлкемлестириўди усыныс етемиз.
Бул халықаралық шөлкемлер менен Экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар зонасын шөлкемлестириўдиң әмелий мәселелери бойынша сөйлесиўлер алып барыў мәселесин Қордың басқарыўына тапсырыў мүмкин, деп есаплаймыз. Бул процессте төмендегилерге итибар қаратыў мақсетке муўапық:
дүньядағы экологиялық жақтан қолайсыз регионларда бундай жойбарларды әмелге асырыў бағдарындағы тәжирийбелерди есапқа алған ҳалда инновациялық жойбарлардың бирден-бир дизимин қәлиплестириў ҳәм оларды биргеликте таярлаў;
бундай мақсетлер ушын узақ мүддетли жеңиллетилген кредит ҳәм грантлар ажыратыў.
Буннан тысқары, Аралды қутқарыў халықаралық қоры жанында халықаралық институтлардың ўәкилханаларын ашыўды усыныс етемиз.
Екинши. Қум көшкилерин беккемлеў, Аралдың қурғаған бөлегинен ҳаўаға зәҳәрли аэрозол шаңлары көтерилиўин азайтыў мәселелери бизиң дыққатымыз орайында болыўы зәрүр.
Усы мақсетте шөл шараятына шыдамлы ҳәм азықлық өсимликлери нәллерин жетистириў бойынша Регионаллық орай шөлкемлестириўди усыныс етемиз.
Бизиң илимпазларымыз берген мағлыўматларға қарағанда 10-12 жыл даўамында теңиздиң қурыған бөлегин терекликке ҳәм тоғайзарларға айландырыўымыз мүмкин.
Буннан тысқары жаңа өнимдарлы жайлаўлар жаратыўға қурбымыз жетеди, бул шарўашылықты избе-из раўажландырыў ҳәм он мыңлап адамларды жумыс пенен тәмийинлеў имканиятын береди.
Регионаллық орай болса зәрүрлик үлкен болған қәнигелер таярлаў бойынша өзине тән бийбаҳа илимий-билимлендириў базасына айланады.
Үшинши. Регионымыздың бийбаҳа ҳайўанат дүньясын сақлаў мәселеси. бул мәселеде де улыўма регионаллық көзқарас зәрүр.
Аралбойы зонасында қорғалатуғын трансшегаралық тәбийғый аймақлар шөлкемлестириўди усыныс етемиз.
Жоғалып баратылған ҳайўанлар, соның ишинде, қаплан, қулан, сайғақ ҳәм басқа да бийбаҳа жәниўарларды сақлап қалыў ушын қолымыздан келетуғын барлық жумысларды өз-ара келисип әмелге асырыўымыз оғада үлкен әҳмийетке ийе.
Төртинши. Суўды үнемлеў, трансшегаралық суў ресурсларын басқарыў ҳәм олардан ақылға муўапық пайдаланыў мәселелериндеги регионаллық бирге ислесиў дәрежесин кескин арттырыў зәрүр.
Биз Арал теңизи аймағындағы суў ресурсларынан пайдаланыў бойынша өз-ара мақул бирге ислесиў механизмлерин ислеп шығыў ушын барлық зәрүр шараятларды жаратыўға ҳәм Өзбекстанда бул мәселеге бағышланған регионаллық конференция өткериўге таярмыз.
Орайлық Азияда суў ресрусларынан ақылға муўапық пайдаланыў бойынша регионаллық бағдарлама қабыл етилиўи бул конференцияның ең әҳмийетли нәтийжеси болады, деп ойлайман.
Бесинши. Бүгинги күнде илимий кооперацияны нәтийжели раўажландырмай алдымызда турған машқалалардың шешимин тәмийинлеўдиң илажы жоқ.
Усы мүнәсибет пенен биргеликтеги илимлераралық изертлеўлерди шөлкемлестириў үлкен әҳмийетке ийе, деп есаплаймыз. Соның ишинде, Мәмлекетлераралық муўапықластырыўшы суў хожалығы комиссиясы ҳәм Мәмлекетлераралық турақлы раўажланыў комиссиясының илимий-мәлимлеме орайлары тийкарында бундай изертлеўлер алып барыў мүмкин.
Ҳүрметли мәмлекет басшылары!
Бүгин алға қойылған басламалар тийкарында «жол картасы»н ислеп шығыўымыз ҳәм оның орынланыўын әмелий жақтан қадағалаўға алыўды Қордың басқарыўына тапсырыўымыз мүмкин.
Халықларымыздың тәбиятқа оның байлықларын қәстерлеп сақлаған ҳалда қатнаста болыў ҳәм улыўма суў ресурсларынан биргеликте пайданалыў бағдарындағы көп әсирлик дәстүрлерине сүйенген ҳалда биз шынында да үлкен нәтийжелерге ерисемиз, деп исенемен.
Сөзимниң жуўмағында ҳүрметли Гурбангули Маликгулиевичке Аралды қутқарыў халықаралық қоры саммитин табыслы өткериўге қосқан үлкен үлеси ушын және бир мәрте миннетдаршылық билидириўге рухсат еткейсиз.
Итибарыңыз ушын рахмет!