Өзбекстан Республикасы Олий суды пленумының мәжилиси болып өтти.
Видеоконференцбайланыс түринде өткерилген мәжилисте Олий Мажлис Сенатының ағзалары ҳәм Нызамшылық палатасының депутатлары, судьялар, Судьялар жоқары кеңеси, Конституциялық суд, ҳуқық қорғаў уйымларының жуўаплы хызметкерлери, ҳуқықтаныўшы илимпазлар ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Олий суд баслығы К.Комилов басқарған мәжилисте елимиздиң суд-ҳуқық тараўындағы реформалар инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаўдың нәтийжели механизминиң жаратылыўына хызмет етип атырғаны атап өтилди. Әсиресе, суд системасындағы өзгерислер пуқаралардың судқа мүрәжат етиўине, суд арқалы қорғаныў ҳуқықы кепиллигиниң буннан былай да кеңейиўине тийкар жаратты.
Мәжилисте нызамларды қолланыў ҳәм суд әмелиятының нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў мақсетинде таярланған Пленум қарарларының жойбарлары додаланды.
2017-жыл 30-ноябрьде Президенти Шавкат Мирзиёевтиң «Суд-тергеў жумысында пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлериниң кепилликлерин күшейтиў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы пәрманының қабыл етилгенин атап өтиў зәрүр.
Пәрманда суд-тергеў жумысы даўамында пуқаралардың ҳуқықларын қорғаўдың нызамшылық тийкарларын буннан былай да жетилистириў зәрүрлиги көрсетилиўи менен бирге, нызамға қарсы усыллар арқалы ямаса процесс қатнасыўшыларын нызам менен кепилленген ҳуқықларынан айырыў ямаса оларды шеклеў жолы менен алынған дәлиллерден пайдаланыў қадаған етилди.
Бул бағдарда ҳуқық қорғаў уйымлары, соның ишинде, сорастырыў ҳәм дәслепки тергеў уйымлары және судтың алдына бир қатар әҳмийетли ўазыйпалар қойылған.
Атап айтқанда, әмелдеги нызам ҳүжжетлерине тийисли өзгерислердиң киргизилгенлиги ҳәм тергеў-суд әмелиятында айырым мәселелердиң келип шығып атырғанлығы мүнәсибети менен «Дәлиллердиң оптималлығына байланыслы жынаят-процессуаллық нызам нормаларын қолланыўдың айырым мәселелери ҳаққында»ғы қарар жойбары ислеп шығылды. Онда судлардың итибары шахстың жынаят ислеўде айыпкерлиги нызамда белгиленген тәртипте дәлилленге шекем айыпсыз есапланатуғыны ҳаққындағы Конституциямызда беккемленген айыпсызлық презумпциясына әмел етиў зәрүрлигине қаратылған.
Усы принципке сорастырыў, дәслепки тергеў уйымлары ҳәм суд тәрепинен әмел етилиўи зәрүр. Жынаят-процессуал нызамшылықта да нызам нормаларына қатаң әмел етиў, нызамлылық талаплары қатаң белгиленген.
Сорастырыўшы, тергеўши, прокурор ҳәм судтың нызам нормаларына әмел етиўден шегинген ҳалда алынған дәлиллери мақул емес, ямаса жарамсыз, деп табылады. Өз гезегинде, мақул емес дәлиллер юридикалық күшке ийе болмай, олардан Жынаят-процессуал кодекстиң тийисли статьяларында нәзерде тутылған жағдайларды дәлиллеў ушын пайдаланыў да оларды айыплаў тийкарына қойыў мүмкин емес.
Мәжилисте «Судлар тәрепинен жынаят жумысларын апелляция ҳәм кассация тәртибинде көриў әмелияты ҳаққында»ғы Пленум қарарының жойбары да додаланды. Бул қарар Жынаят-процессуал кодексине киргизилген өзгерислер, суд әмелиятында айырым мәселелердиң келип шығып атырғаны себепли таярланған.
Ҳәммемизге белгили, апелляция, кассация инстанциясы жынаят процеси қатнасыўшыларының жумысы жоқары инстанция судында қайта көрилиўине болған ҳуқықларының тәмийинлениўине қаратылған әҳмийетли ҳуқықый қурал болып есапланады. Бундай тәртипте жумыс жүргизиў судланыўшы (ақланған шахс), оның қорғаўшысы, жәбирлениўши, пуқаралық даўагер, пуқаралық жуўапкер және олардың ўәкиллериниң шағымы, сондай-ақ, прокурор ҳәм оның орынбасарының протести бойынша қозғалады.
Апелляция, кассация тәртибинде жумыс жүргизиў Жынаят-процессуал кодексине муўапық ҳүкимниң өз ҳуқықлары ҳәм нызам менен қорғалатуғын мәплерине байланыслы бөлими үстинен шағым бериў ҳуқықына ийе басқа шахслар тәрепинен де қозғатылыўы мүмкин. Булардың қатарына нызамда белгиленген тәртипте процестиң анаў ямаса мынаў қатнасыўшысы сыпатында тән алынбаған, бирақ өзиниң ҳақыйқый жағдайына бола суд қорғаўына мүтәж болған шахслар (гиреў бериўши, мүлки хатланған шахс ҳәм басқалар) киреди.
Сол себепли биринши инстанция суды шағымды (протестти) қабыл етиў ўақтында апелляция. кассация шағымы (протести) берген шахстың бундай ҳуқыққа ийе екенлигин тексериўи шәрт.
Нызамға бола, апелляция, кассация шағымы ҳүким шығарған суд арқалы бериледи.
Пленум мәжилисинде додаланған және бир қарар – «Пуқаралық ислерди суд додалаўына таярлаў ҳаққында» болып табылады. Бул қарар пуқаралық ислерди суд додалаўына таярлаўды тәртипке салатуғын нызам нормаларын дурыс ҳәм бир түрде қолланылыўын тәмийинлеў мақсетинде таярланған. Пуқаралық ислерди суд додалаўына таярлаўды әмелге асырыў ҳаққындағы нызам талапларына әмел етиў жумысты белгиленген мүддетте көриў ҳәм нызамлы шешиўдиң тийкарғы шәртлеринен бири болып есапланады.
Пуқаралық процессуал кодексиниң биринши инстанция судында жумыс жүргизиўди тәртипке салатуғын қағыйдаларына муўапық, судлар усы кодексте нәзерде тутылған суд додалаўына таярлаўға байланыслы барлық зәрүр ҳәрекетлерди әмелге асырғанынан соң ғана жумысты көриўге кирисиўине ҳақылы.
Қарар жойбарында судлардың итибары жумысларды суд додалаўына таярлаў барлық арза ҳәм айрықша тәртиптеги жумыслар бойынша оларды дурыс ҳәм өз ўақтында көрилиўин және шешилиўин тәмийинлеў мақсетине ийе болған пуқаралық процесиниң бийғәрез басқышы есапланатуғынына ҳәм мәжбүрийлигине қаратылған.
Көрип шығылған мәселелер бойынша тийисли қарарлар қабыл етилди.
Мәжилисте қабыл етилген қарарлар жынаят ҳәм пуқаралық ислерди нызамлы және әдалатлы шешиўге, пуқаралардың ҳуқықларын, нызам менен қорғалатуғын мәплерин қорғаўға, нызам ҳүжжетлериниң суд әмелиятында анық ҳәм бир түрде қолланылыўына, бирден-бир суд әмелиятын қәлиплестириўге хызмет ететуғыны атап өтилди.
Пленум мәжилисинде Өзбекстан Республикасының Бас прокуроры О.Муродов қатнасты.
Н.АБДУРАИМОВА
ӨзАның хабаршысы