Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Бирлескен Араб Әмирликлери Президенти Шайх Муҳаммад Ол Наҳаянның мирәт етиўине бола рәсмий сапар менен Абу-Даби қаласында болып турыпты.
14-январь күни мәмлекетимиз басшысы “Абу-Даби турақлы раўажланыў ҳәптелиги” халықаралық саммитиниң ашылыўы ҳәм турақлы раўажланыў тараўында Шайх Зоид атындағы сыйлықты тапсырыў мәресиминде қатнасты.
Абу-Даби турақлы раўажланыў ҳәптелиги – бул 2008-жылы БАӘ ҳүкимети ҳәм «Masdar» компаниясы тәрепинен турақлы раўажланыў тараўындағы глобал машқалаларды шешиў ушын шөлкемлестирилген халықаралық платформа болып есапланады. Форумның мақсети дүньяда турақлы раўажланыўды жеделлестириў, экономикалық, социаллық ҳәм экологиялық раўажланыўға жәрдемлесиў, азық-аўқат ҳәм суў қәўипсизлигин тәмийинлеў, энергия үнемлилигин ҳәм карбонсызландырыўды әмелге асырыўдан ибарат.
Бул ретки саммит күн тәртибине «жасыл» экономика тараўында турақлы раўажланыўды тәмийинлеў, инновациялар ҳәм жаңа технологияларды енгизиў, энергетика ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги бойынша регионаллық бирге ислесиўди беккемлеў мәселелери киргизилген.
Форум шеңберинде Әмирликлердиң тийкарын салыўшысы – марҳум Шайх Зоид Ол Наҳаянның аты менен аталыўшы турақлы раўажланыў тараўындағы жетискенликлер ушын сыйлық пенен сыйлықлаў мәресими де өткериледи. Бул ретки сыйлықтың «Глобал орта мектеплер» номинациясында Ташкент қаласындағы Президент мектеби жеңимпаз деп табылды.
Сыйлықты Бирлескен Араб Әмирликлери Президенти Шайх Муҳаммед бин Зоид Ол Наҳаян тапсырды.
Президентимиз Шавкат Мирзиёев мектеп ўәкиллери менен ушырасып, оларды жеңис пенен қызғын қутлықлады.
Мәмлекетимиз басшысы «Абу-Даби турақлы раўажланыў ҳәптелиги» саммитинде шығып сөйледи.
Саммитте Бирлескен Араб Әмирликлери Президенти Шайх Муҳаммед Ол Наҳаян, Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Әлиев, Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Италия Республикасы Бас министри Жоржа Мелоны, Малайзия Бас министри Анвар Иброҳим, Финляндия Республикасы Бас министри Петтери Орпо ҳәм басқа бир қатар еллердиң мәмлекет ҳәм ҳүкиметлери, халықаралық шөлкемлер ҳәм қаржы институтларының басшылары қатнаспақта.
Форумның күн тәртибине муўапық, турақлы раўажланыўды тәмийинлеў, инновациялар, «жасыл» экономика ҳәм регионаллық өз-ара байланыслылықты әмелге асырыў мәселелери додаланды.
Мәмлекетимиз басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде ҳәзирги күнде энергетика дәреклерин диверсификациялаў, олардағы углеводородтың үлесин кескин азайтыў – климат өзгериўи ақыбетлерин жумсартыў, турақлы раўажланыў ҳәм глобал қәўипсизликти тәмийинлеўдиң тийкарғы шәрти екенин атап өтти.
Жаңа Өзбекстанның стратегиялық мақсети – экологиялық турақлылықты тәмийинлеў, экономикалық өсиўдиң ресурслар үнемлилигине тийкарланған «жасыл» раўажланыў моделине өтиў болып есапланады.
– Соның ушын 2025-жылды Өзбекстанда «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл» экономика жылы» деп жәрияладық,-деди Шавкат Мирзиёев.
Өзбекстан Президенти елимизде Аз углеродлы раўажланыў бойынша узақ мүддетли стратегия ҳәм «жасыл» қаржыландырыў миллий бағдарламасының ислеп шығылғаны, инвестициялық жойбарларда «жасыл» компонентлер келеси бес жылда 50 процентке шекем көбейтилетуғынын атап өтти.
Ыссыхана газлерин мониторинг етиў ҳәм эмиссия ушын квоталар саўдасы бойынша миллий системаларды енгизиў жумыслары даўам етпекте. 2030-жылға келип ыссыхана газлериниң шығарылыўын 35 процентке қысқартыў ҳәм бул миннетлемени басқышпа-басқыш арттырып барыў режелестирилген.
«Жасыл мәкан» бағдарламасы шеңберинде қалалар аймақларының кеминде 30 проценти көклемзар майданларға айландырылады. Аўыл хожалығында суўды үнемлеўши технологияларды 100 процент енгизиўдиң системалы илажлары көрилмекте.
Шавкат Мирзиёев тез пәт пенен өсип атырған экономикамыздың энергетикаға болған талабын толық қанаатландырыў ушын «жасыл» қуўатлықлар жедел раўажланып атырғанына итибар қаратты.
– Өткен 5 жылда энергетика тараўына дерлик 20 миллиард доллар сырт ел инвестициялары тартылды ҳәм 9,6 гигаватт заманагөй энергия қуўатлықлары иске қосылды. Соның ишинде, 3,5 гигаваттлы 14 қуяш, самал электр станциялары ҳәм 300 мегаваттлы 2 сақлаў системалары иске қосылды,-деди мәмлекетимиз басшысы.
Ҳәзирги ўақытта сырт елли бирге ислесиўшилер менен баҳасы 26 миллиард доллардан аслам ҳәм улыўма қуўатлығы 24 гигаватт болған 50 ден артық ири жойбарлар әмелге асырылмақта. 2030-жылға шекем мәмлекетимизде қайта тиклениўши энергия үлесин 54 процентке жеткериў режелестирилген.
– Ҳәзирги күнде «жасыл» раўажланыў Өзбекстанда улыўма миллий ҳәрекет дәрежесине көтерилди,-деди Шавкат Мирзиёев.
Мәмлекетимиз басшысы бул бағдарда регионаллық бирге ислесиўди және де күшейтип, Орайлық Азияны «жасыл» экономикалық раўажланыў ҳәм «таза энергия» орайларынан бирине айландырыў әҳмийетли екенлигин атап өтти.
Әййемги Уллы жипек жолын өз-ара энергетикалық байланыслылық арқалы тиклеў жолында да дәслепки қәдемлер тасланды. Жақында COP-29 саммити шеңберинде Қазақстан ҳәм Әзербайжан менен қол қойылған көп тәреплеме келисим Европаға «жасыл» энергияны экспорт етиў имканиятын береди.
– «Жасыл» энергия тараўында Бирлескен Араб Әмирликлери бизиң исенимли ҳәм стратегиялық бирге ислесиўшимиз екенин айрықша атап өтпекшимен,-деди Өзбекстан жетекшиси.
Соңғы жыллары Әмирликлер менен инвестициялар портфели 26 миллиард доллардан асты. Олардың арасында қайта тиклениўши энергетика жойбарлары тийкарғы локомотив болмақта.
«Masdar» компаниясы менен улыўма қуўатлылығы 1,5 гигаватт болған 5 электр энергия объекти иске қосылды. және 1,6 гигаваттқа тең 3 генерация жойбары ҳәм дерлик 520 мегаватт саат энергия сақлаў системалары қурылады.
Бундай жойбарлар Әмирликлердиң басқа жетекши компаниялары ҳәм Саудия Арабстаны, Қатар, Түркия, Қытайлы шериклер менен де әмелге асырылмақта.
Президент Шавкат Мирзиёев мәмлекетимиз Орайлық Азияның қуяш, суў, самал энергиясы ҳәм «жасыл» водородты ислеп шығарыў бойынша үлкен имканиятын биргеликте раўажландырыўдан мәпдар екенин атап өтти.
Дәслепки есап-санақларға бола, тек Өзбекстанның өзинде 500 гигаватт қуяш, 100 гигаватт самал ҳәм 10 гигаватт гидроэнергетика ислеп шығарыў имканияты бар.
Регионымыз үлкен уран ҳәм оғада әҳмийетли стратегиялық шийки зат резервлерине бай.
– Бул бағдарда ҳәр бир сырт елли бирге ислесиўшимизге барлық қолайлы шараятларды жаратып бериўге таярмыз,-деди Өзбекстан жетекшиси.
Президентимиз әнжуманда қатнасып атырған абырайлы илимий орайлар, эксперт ҳәм илимпазларды Ташкентте ашылған «Жасыл» университет пенен изертлеўлер ҳәм инновациялық бағдарламаларды әмелге асырыўда жедел бирге ислесиўге шақырды.
Бул университет негизинде Жер деградациясы ҳәм шөллениўге қарсы гүрес бойынша халықаралық илимий изертлеў тармағын жаратыў усыныс етилди.
Дубай ҳәм Бакуде болып өткен “ COP-28” ҳәм “ COP-29” саммитлери ҳәм басқа халықаралық форумларда Өзбекстан глобал климат өзгериўлериниң унамсыз ақыбетлерин сапластырыў ушын бир қатар басламаларды алға қойған еди.
Климат себепли шығын ҳәм зыянларды баҳалаў бойынша халықаралық орайды шөлкемлестириў, дәрья экосистемаларының қәўипсизлигин тәмийинлеў, Суўды үнемлеўши технологиялардың регионаллық хабын шөлкемлестириў, Өсимликлердиң генетикалық ресурслары банкин жаратыў солардың қатарына киреди.
– Бул бағдарда барлық бирге ислесиўшилеримиз бенен әмелий жумысларды баслаўға таярмыз,-деди Өзбекстан Президенти.
Мәмлекетимиз басшысы быйыл Өзбекстанда өтиўи режелестирилген Орайлық Азияның глобал климат машқалаларына бағышланған конференцияда улыўма регионаллық Жасыл раўажланыў концепциясы усыныс етилетуғынын айтты.
Сондай-ақ, саммитте қатнасып атырған мәмлекетлердиң ўәкиллери 15-май – Халықаралық климат күнинде Аралбойы регионында болатуғын Санлы «жасыл» басламалар глобал жаслар фестивалына мирәт етилди.
Сөзиниң соңында мәмлекетимиз жетекшиси Жаңа Өзбекстан турақлы раўажланыў ҳәм «жасыл» раўажланыў жолындағы кең түрдеги бирге ислесиўге пүткил дүньяға ашық екенлигин атап өтти.
Президент Шавкат Мирзиёев Абу-Даби қаласына сапарының исбилерменлик илажлары шеңберинде Бирлескен Араб Әмирликлери жасалма интеллект министри Умар бин Султан ал-Олама менен ушырасыў өткерди.
Ушырасыўда «Presight» компаниясының баслығы Томас Прамотедам, «AIQ» компаниясының баслығы Магжан Кенесбай ҳәм «Khazna» компаниясының баслығы Ҳасан ал-Нақби, Муҳаммад бин Зоид атындағы Жасалма интеллект университетиниң президенти Эрик Синг да қатнасты.
«Presight», «AIQ» ҳәм «Khazna» компаниялары үлкен мағлыўматларды таллаў ҳәм жасалма интеллект тараўында жетекши компаниялардың қатарына киреди. Муҳаммад бин Зоид университети жасалма интеллект тараўындағы изертлеўлерге қәнигелескен дүньядағы биринши жоқары билимлендириў мәкемеси есапланады.
Ушырасыўда Әмирлик компаниялары менен алдынғы технологияларды раўажландырыў ҳәм оларды түрли тараўларға табыслы енгизиўге қаратылған стратегиялық шерикликти кеңейтиў жоллары көрип шығылды.
Генератив жасалма интеллекти ислеп шығыў, соның ишинде, энергетика тараўында «үлкен тил моделлери»н қолланыў, Ташкентте ири мағлыўматларды қайта ислеў орайын шөлкемлестириў бағдарында бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша келисимлерге ерисилди.
Муҳаммад бин Зоид атындағы Жасалма интеллект университети менен алмасыўларды жеделлестириўге айрықша итибар қаратылды. Президентимиз студентлерди оқытыў бағдарламасын иске қосып, бул тараўда жоқары маман кадрлар таярлаў бойынша «жол картасы»н қабыл етиўди усыныс етти.
Илимий-изертлеў лабораторияларын биргеликте иске қосыў, технологиялық кластерлер шөлкемлестириў ҳәм контактсиз төлем операциялары ушын инновациялық шешимлерди енгизиў режелери додаланды.
Мәмлекетимиз басшысы Абу-Даби қаласына сапары шеңберинде Бирлескен Араб Әмирликлери инвестициялар министри, «ADQ» холдингиниң бас атқарыўшы директоры Муҳаммад Ҳасан ал-Сувайдий басшылығындағы усы мәмлекеттиң жетекши компанияларының делегациясы менен ушырасыў өткерди.
Ушырасыўда «Masdar» компаниясының басшысы Муҳаммад Жума ал-Шамисий, «Tadweer» басшысы Али ал-Даҳерий, «Plenary Group» басшысы Мустафо Фахур ҳәм «DUCAB» басшысы Муҳаммад ал-Кушарий қатнасты.
Бул компаниялар өз тараўларында дүнья жетекшилеринен бири болып, олардың улыўма активлери 200 миллиард доллардан асламды қурайды.
Жоқары технологиялық тармақларда әмелий бирге ислесиўди раўажландырыў ҳәм инвестиция портфелин кеңейтиў имканиятлары көрип шығылды.
БАӘ менен экономиканың түрли бағдарларында шериклик жедел раўажланып атырғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Инвестицияларды алға қойыў, санаат ҳәм алдынғы технологияларды раўажландырыў бойынша биргеликтеги илажлар әмелге асырылмақта.
Ҳәр бир компания менен өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша гезектеги қәдемлер белгиленди. Инфраструктураны раўажландырыў, қала қурылысы, энергетика, транспорт ҳәм логистика, таў-кән санааты, электротехника, коммунал хожалығы ҳәм басқа тараўларда биргеликтеги жойбарлар ҳаққында атап өтилди.
Инновациялық технологияларды енгизиў, сийрек ушырасатуғын металл кәнлерин өзлестириў, ргеионаллық темир жолларды раўажландырыў ҳәм «қурғақ» портлар қурыў, кабель өнимлерин ислеп шығарыў жойбарларын жеделлестириў, билимлендириў ҳәм медицина тараўларында ДХШ жойбарларын алға қойыў бойынша келисимлерге ерисилди.
Ушырасыў жуўмағында әмелий бирге ислесиўдиң барлық бағдарлары бойынша «жол картасы»н қабыл етиўге келисип алынды.
Президент Шавкат Мирзиёев Бирлескен Араб Әмирликлери энергетика ҳәм инфраструктура министри Суҳайл Муҳаммад ал-Мазруий басшылығындағы делегация менен ушырасыў өткерди.
Ушырасыўда «Masdar» компаниясының баслығы Муҳаммад Жамил ал-Рамаҳий, «TAQA» баслығы Жасим Ҳусайн Табет, «TAQA Water Solutions» баслығы Аҳмад ал-Шамсий ҳәм «Etihad Water & Electricity» баслығы Юсуф ал-Али де қатнасты.
Бул компаниялар энергия ҳәм суў тәмийнаты, тазалаў системаларын басқарыў тараўында дүньядағы жетекши ислеп шығарыўшы ҳәм операторлар болып есапланады.
Мәмлекетимизде «жасыл» энергетика, коммунал хызмет көрсетиў тармақларын модернизациялаў ҳәм ишимлик суўы тәмийнатын жақсылаў бойынша инвестиция жойбарларын әмелге асырыў режелери көрип шығылды.
Мәмлекетимиз басшысы энергетика тараўындағы стратегиялық шериклик еки тәреплеме бирге ислесиўдиң локомотиви болып хызмет етип атырғанын үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти.
Бул бағдарда улыўма баҳасы 1,5 миллиард долларлық 5 жойбар биргеликте иске қосылды. Декабрь айында Наўайы ўәлаятында қуўатлылығы 500 мегаватт болған самал электр станциясы иске қосылды, және бир қатар объекьлердиң қурылысы жедел басқышқа кирген.
Өзбекстан Президенти компаниялардың мәмлекетимиз аймақларында бар ыссылық электр станцияларының қуўатлықларын кеңейтиў, төмен кернеўли электр тармақларын модернизациялаў, жаңа ГЭСлер, электр энергиясын сақлаў системалары, ири қуяш ҳәм самал станцияларының қурылысын жеделлестириў бағдарындағы режелерди қоллап-қуўатлады.
Буннан тысқары, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик принциплери тийкарында суў тәмийнатының тармақларын раўажландырыў ҳәм жаңа тазалаў объектлерин қурыў ушын кең имканиятлардың бар екенлиги атап өтилди.
Мәмлекетимиз басшысы Абу-Даби қаласына сыпарының исбилерменлик бағдарламасы шеңберинде «AMEA Power» компаниясының баслығы Ҳусайн ал-Новайс, «М42» компаниясының баслығы Ҳасан Жасим ал-Новайс ҳәм «IFFCO Group» компаниясының баслығы Шероз Алланы қабыл етти.
«AMEA Power» – қайта тиклениўши энергия тараўында тез пәт пенен раўажланып атырған компания. 20 мәмлекетте улыўма қуўатлылығы 6 гигаваттан аслам болған жойбарлар портфелине ийе. «М42» инновациялық технологиялардан пайдаланған ҳалда медициналық хызмет көрсетиў тараўында жетекши компаниялардан бири есапланады. «IFFCO Group» азық-аўқат тараўында 100 ден аслам брендлерди басқарады.
Энергетика, инновациялар, денсаўлықты сақлаў ҳәм азық-аўқат санаатында биргеликтеги жойбарларды алға қойыў ҳәм БАӘ компаниялары менен инновациялық бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.
«AMEA Power» компаниясы менен бирге ислесиў жедел раўажланып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Самал электр станциялары, энергия сақлаў системаларын қурыў, нефть-химия тараўында жоқары технологиялық ислеп шығарыўшыларды шөлкемлестириў жойбарларын жеделлестириўге айрықша итибар қаратылды.
Буннан тысқары «М42» компаниясы менен геномика тараўында, «IFFCO Group» пенен болса азық-аўқат санааты ҳәм турмыслық химия ушын ингредиентлер ислеп шығарыўда өз-ара пайдалы шерикликти беккемлеўге итибар қаратылды.
Президент Шавкат Мирзиёевтиң Бирлескен Араб Әмирликлерине рәсмий сапары даўам етпекте.
ӨзА