Көксарай резиденциясында 17-август күни елимизге мәмлекетлик сапар менен келген Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмонды рәсмий күтип алыў мәресими болды. Жоқары мәртебели мийманның ҳүрметине ҳүрметли қараўыл сап тартты.

Шавкат Мирзиёев ҳәм Эмомали Раҳмон минберге көтерилди. Өзбекстан ҳәм Тәжикстан мәмлекетлик гимнлери жаңлады. Президентлер ҳүрметли қараўыл алдынан өтти.

Рәсмий күтип алыў мәресиминен соң мәмлекет басшылары тар шеңберде ушырасыў өткерди.

Президентимиз Тәжикстан басшысын қызғын қутлықлап, Өзбекстан менен Тәжикстан арасында қысқа ўақытта бирге ислесиў  беккемленгени, бул сапар етиў избе-из беккемленип атырған өз-ара пайдалы ҳәм белсенди сөйлесиўдиң логикалық даўамы екенин айрықша атап өтти.

– Қоңсылас Тәжикстан менен дослық қатнасықларын раўажландырыў Өзбекстан сыртқы сиясатының баслы бағдарларынан бири есапланады. Ҳүрметли Эмомали Шарипович, Сизиң  Өзбекстанға мәмлекетлик статустағы дәслепки сапар етиўиңиз буннан дәрек береди. Биз буны өз-ара исенимге тийкарланған сиясий сөйлесиўимиздиң даўамы сыпатында баҳалап, еки тәреплеме қатнасықларды буннан былай да жоқары дәрежеге көтериўге ҳәм оны жаңа әмелий мазмун менен байытыўға таярмыз, – деди Шавкат Мирзиёев.

15c76423-b074-b8c2-9cff-ac5cc1ee1b67.jpg

Тәжикстан Президенти бул ушырасыў еки тәреплеме қатнасықларды буннан былай да раўажландырыў процесиндеги әҳмийетли басқыш, бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайын ҳәр тәреплеме таллаў, алдағы баслы бағдарларды белгилеп алыў ушын жақсы имканият екенин атап өтти.

– Ҳүрметли Шавкат Миромонович, туўысқан өзбек диярына мирәт еткениңиз ҳәм шын кеўилден миймандослық ушын шексиз миннетдармыз. Еллеримиз арасында өз-ара бирге ислесиўдиң перспективаларын додалаў жақсы дәстүрге айланды. Сизиң Тәжикстанға мәмлекетлик сапарыңыз еллеримиздиң байланысларын тикледи, барлық тараўлардағы комплексли мәселелерди избе-из раўажландырыўға үлкен түртки болды. Сизиң дана сиясатыңыздың нәтийжесинде Өзбекстан үлкен жетискенликлерди қолға киргизбекте, адамлардың исеними артпақта. Бүгинги сапар етиў халықларымыздың абаданлығы ушын үлкен әҳмийетке ийе, – деди Эмомали Раҳмон.

Сойлесиўде ҳәр қыйлы тараўларда бирге ислесиўди кеңейтиўге, аймақлар, ири кәрханалар ҳәм исбилерменлер арасындағы байланысларды беккемлеўге, мәдений-гуманитарлық байланысларды жеделлестириўге итибар қаратылды, тәреплерди қызықтырған регионаллық ҳәм халықаралық мәселелер бойынша пикир алысылды.

Матназар ЭЛМУРОДОВ, ӨзА