Олий Мажлистиң Нызамшыылқ палатасында мәмлекетимиз басшысының 2018-жыл 8-августтағы «Норма дөретиўшилиги жумысын жетилистириў концепциясын тастыйықлаў ҳаққында»ғы пәрманына тийкарланып дүзилген Норма дөретиўшилиги жумысын жетилистириў концепциясын әмелге асырыў бойынша Нызамшылық палатасының Спикери Н.Исмоиловтың басшылығында Комиссияның кеңейтилген тәртиптеги биринши шөлкемлестириўшилик мәжилиси болып өтти.
Онда Комиссия ағзалары, депутатлар, Президент аппараты, Әдиллик министрлиги, Бас прокуратура, Нызамшылық машқалалары ҳәм парламент изертлеўлер институтының хызметкерлери, сондай-ақ, Норма дөретиўшилиги жумысын жетилистириў концепциясын әмелге асырыў бойынша әмелий илажлар режесинде белгиленген шөлкемлер менен уйымлардан жуўапкер хызметкерлер қатнасты.
Мәжилисте Норма дөретиўшилиги жумысын жетилистириў концепциясы шеңберинде ислеп шығылыўы нәзерде тутылған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларын жетекши ҳуқықтаныўтаныўшы илимпазлар, маман қәнигелер, пуқаралық жәмийети институтларының ўәкиллерин кеңнен тартқан ҳалда, ең алдынғы сырт ел тәжирийбесин есапқа алып таярлаў зәрүрлигине итибар қаратылды.
Концепцияны әмелге асырыўда нызамшылықтың әмелдеги жағдайы, бар машқалаларды терең таллаў нәтийжесинде нызамшылық базасын системаластырыў, ҳәр қыйлы ведомстволық нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң санын қысқартыў, улыўма түрдеги, ҳәрекетсиз ҳәм ҳуқықты қолланыў әмелиятына тәсир етпейтуғын нызам ҳүжжетлерин қайта көрип шығыў ҳәм бийкар етиў, тийкарсыз шеклеўлер, артықша ҳәкимшилик тәртип-қағыйдалар, ескирген тәртипке салыў механизмлери бар болған нызам ҳүжжетлерин хатлаўдан өткериў бойынша келешекте әмелге асырылыўы зәрүр болған жумыслар ҳаққында сөз жүргизилди.
Пәрманға муўапық, буннан кейин нызамлар, Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳәм Министрлер Кабинетиниң қарарларын қолланыў, олар күшке кирген ўақыттан баслап орынланыўын шөлкемлестириў бойынша қосымша ишки ведомстволық ҳүжжетлерди қабыл етиўге байланыслы миннетлемелердиң жүкленбейтуғынлығы атап өтилди. Тараўға заманагөй мәлимлеме-коммуникацияларды кеңнен енгизиў арқалы қағазпазлық, бюрократизм ҳәм буйрықпазлық сыяқлыларға пүткиллей шек қойылады.
Қатнасыўшылар норма дөретиўшилиги жумысын жетилистириў мақсетинде «ақыллы тәртипке салыў» модели элементлери қолланылыўы есабынан ҳәр бир нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетти анық есап-санаққа таянып, илимий тийкарланған ҳалда ислеп шығыўды жолға қойыў бағдарында пикир алысылды. Бөлек-бөлек ҳалдағы көплеген ведомстволық ҳүжжетлердиң орнында системаластырылған нызамшылық базасын қәлиплестириў бойынша усыныслар алға қойылды. Сондай-ақ, «Нызам ҳүжжетлериниң тәсиршеңлигин баҳалаў системасы» порталын Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарын ислеп шығыўдың ҳәм келисиўдиң бирден-бир электрон системасына интеграциялаўдың перспективалары додаланды.
Президентимиз алға қойған «Нызамның бирден-бир дәреги ҳәм авторы шын мәнисинде халық болыўы шәрт» деген принцип тийкарында пуқаралардың норма дөретиўшилиги процесиндеги тиккелей қатнасыўын тәмийинлеў механизмлерин, соның ишинде, пуқараның жәмийетлик басламаларын электрон усыныўға мөлшерленген «Mening fikrim» веб-порталы regulation.gov.uz нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларын додалаў порталы сыяқлылылардың имканиятларын еле де кеңейтиў мәселеси Комиссия ағзалары тәрепинен ҳәр тәреплеме талланды.
Буннан тысқары, Министрлер Кабинети, министрликлер ҳәм ведомстволар, нызамшылық басламасы субъектлери тәрепинен усы пәрманның мазмун-мәниси, оның орынланыўы бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды жәмийетшиликке жеткериў мақетинде бир қатар семинарлар шөлкемлестириўге келисип алынды.
– Бүгинги мәжилисте Олий Мажлиске жүкленген айрықша ўазыйпалар менен бир қатарда, парламенттиң Министрлер Кабинети менен биргеликте нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди, сондай-ақ, оларға қосымша етилип атырған мәлимлеме таллаў материалларын юридикалық-техникалық жақтан рәсмийлестириўдиң бирден-бир усылын ислеп шығыў бойынша да әмелий пикирлер билдирилди, – дейди Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты Раҳимжон Ҳакимов. – Және бир әҳмийетли мәселе сонда, нызамлардың нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде келешекте Олий Мажлистиң Нызамшылық палатасына киргизилетуғын нызам жойбарларына олардың интакерлери тәрепинен нызамның мазмун-мәнисин ҳәм әҳмийетин үгит-нәсиятлаў ҳәм әмелге асырыў мәселелерин өз ишине алған илажлар режеси де қосымша етилиўи әмелияты жолға қойылады.
– Таллаўларға бола, бүгинги күнде нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларын додалаў порталында пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлери тәрепинен билдирилип атырған пикир-усыныслардың тек ғана 12,7 проценти ҳүжжетлер жойбарларын ислеп шығып атырғанлар тәрепинен көрип шығылған, – дейди Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги басқармасының бас қәнигеси Фаррух Қорабоев. – Мәжилисте пуқаралар менен исбилерменлик субъектлериниң усыныслары инабатқа алынатуғынын шәрт етип белгилеў мәселеси көтерилди. Сондай-ақ, ҳәзирги ўақытта нормативлик ҳүжжетлерди баҳалаўда тек ғана regulation.gov.uz порталының имканиятлары менен шекленип атыр. Соған қарамастан, раўажланған сырт еллерде бундай системаның бир қанша усылларынан пайдаланылады. Соннан келип шығып, баҳалаў бағдарында айрықша мәмлекетлик уйымды жуўапкер етип белгилеў мақсетке муўапықлығы усыныс етип билдирилди. Усы бағдарда да келешекте нәтийжели системаның жолға қойылатуғыны келисип алынды.
Қызғын сөйлесиўлер руўхында өткен мәжилис жуўмағында Комиссия ағзалары алдында турған әҳмийетли жумыслар, жуўапкер орынлаўшыларға жүкленген ўазыйпалар белгиленди.
Д.СУННАТОВ,
ӨзАның хабаршысы