Елимизде мәмлекетлик сапар менен болып турған Тәжикстан Республикасының Президенти Имомали Раҳмон Өзбекстан Республикасының Бас министри Абдулла Арипов пенен бирге Мустақиллик майданына барды.
Жоқары дәрежели мийман еркинлигимиз, айдын келешегимиз ҳәм жақсы нийетлеримиздиң нышаны болған Ғәрезсизлик ҳәм жақсылық монументине гүл қойды.
Тәжикстан Президенти бул уллы майдан Өзбекстанның тынышлықты сүйетуғын сиясатын, халқымыздың дөретиўшилик ҳәм абаданлық жолындағы ийгиликли умытылысларын сәўлелендиретуғын бийбаҳа комплекс екенин айрықша атап өтти.
Жоқары дәрежели мийманға Мустақиллик майданының архитектуралық шешими, терең мазмун-мәниси ҳаққында мағлыўмат берилди. Майдан орайвында бой тиклеген Ғәрезсизлик ҳәм жақсылық монументи Өзбекстан таңлаған жол – Ғәрезсизлик жолын үгит-нәсиятлаўда, өзбек халқының дөретиўшилик потенциалын жүзеге шығарыўда үлкен әҳмийетке ийе екенлиги атап өтилди.
Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,
Оқил ҒУЛОМОВ (сүўрет)
ӨзА