Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола Тәжикстан Республикасы Президенти Имомали Раҳмон 2018-жыл 17-18-август күнлери мәмлекетлик сапар менен елимизде болады.

Мәмлекет басшылары турақлылыққа ийе жоқары дәрежедеги Өзбекстан-Тәжикстан сөйлесиўиниң даўамы сыпатында Өзбекстан Президентиниң 2018-жыл 9-10-март күнлери Тәжикстанға мәмлекетлик сапары даўамында ерисилген келисимлердиң орынланыўы барысын додалап, бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўдың, оған узақ мүддетли ҳәм кең көлемли көринис бериўдиң әҳмийетли бағдарларын белгилеп алады.

Өзбекстан ҳәм Тәжикстан басшылары, сондай-ақ, халықаралық ҳәм регионаллық сиясаттың әҳмийетли мәселелери бойынша пикир алысады.

Сөйлесиўлердиң жуўмағында мәмлекет басшыларының Бирликтеги билдириўин қабыл етиў, Стратегиялық шериклик ҳаққындағы шәртнамаға, түрли тараўлардағы еки тәреплеме бирге ислесиўди кеңейтиўге, өзбек ҳәм тәжик халықлары арасындағы дәстүрий дослық байланысларын беккемлеўге қаратылған салмақлы мәмлекетлераралық, ҳүкиметлераралық ҳәм ведомстволараралық ҳүжжетлер топламына қол қойыў режелестирилмекте.

Тәжикстан Президентиниң Өзбекстанға сапары бағдарламасынан Олий Мажлис Нызамшылық палатасының Спикери Нурдинжон Исмоилов, Бас министр Абдулла Арипов пенен ушырасыўлар өткериў, Самарқанд қаласын зыярат етиў де орын алған.

ӨзА