Улыўма орта билим бериў мектеплериниң оқыўшыларын заманагөй бирден-бир мектеп формасы менен тәмийинлеўдиң мәмлекетлик көлемдеги системасы енгизилди. Бул ҳаққында Бас министр орынбасары Азиз Абдуҳакимов мәлим етти.

 

 

Мәмлекетлик улыўма орта билим бериў мектелери оқыўшыларының кийиниў мәденияты ҳәм тәртип-қағыйдаға әмел етиў көнликпелерин беккемлеў, денсаўлығын қадағалаў ушын тийисли шараятларды жаратыў, руўхый ҳәм физикалық жақтан саламат әўладты тәрбиялаў мақсетинде Министрлер Кабинетиниң «Мәмлекетлик улыўма орта билим бериў мәкемелери оқыўшыларын заманагөй бирден-бир мектеп формасы менен тәмийинлеў илажлары ҳаққында»ғы 2018-жыл 15-августтағы 666-санлы қарары қабыл етилди.

Қарар тийкарында, бирден-бир мектеп формасының көриниси ҳәм оны енгизиў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды.

 

 

2018-2019-оқыў жылынан баслап оқыўшылардың бирден-бир мектеп формасында келиўи ықтыярлы, 2019-2020-оқыў жылынан баслап мәжбүрий болып есапланады.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери «Өзтоқымашылықсанаат» ассоциациясы менен биргеликте мектеп формасы саўдасын шөлкемлестириў мақсетинде республиканың ҳәр бир район (қала) орайларында халыққа қолайлы орынларда мектеп формасын ислеп шығаратуғын шөлкемлердиң саўда орынларын шөлкемлестиреди ҳәм олардың жайласыў мәнзиллерин ғалаба хабар қураллары арқалы мәлим етеди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.