Алдын хабар бергенимиздей, Қурбан ҳайт байрамы мүнәсибети менен избе-из бирнеше күнлик дем алыс жәрияланады.

Ҳуқықтаныўшы Хушнудбек Худайбердиевтиң мәлим етиўинше, Қурбан ҳайт байрамында жумыс ҳәм дем алыс күнлери төмендегише болады:

 

5 күнликлерге (избе-из 3 күнлик дем алыс):

21-август, сийшемби – Қурбан ҳайтының биринши күни (дем алыс);

22-август, сәршемби – дем алыс;

23-август, пийшемби – дем алыс;

24-август, жума – жумыс күни;

25-август, шемби – жумыс күни;

26-август, екшемби – жумыс күни.

 

6 күнликлерге (избе-из 2 күнлик дем алыс):

21-август, сийшемби – Қурбан ҳайтының биринши күни (дем алыс);

22-август, сәршемби – дем алыс;

23-август, пийшемби – жумыс күни;

24-август, жума – жумыс күни;

25-август, шемби – жумыс күни;

26-август, екшемби – жумыс күни.

 

Дыққатқа ылайықлы тәрепи, 24-30-август күнлери барлық хызметкерлер ушын избе-из 7 күн жумыс күни болады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.