Мессенджер өзиниң үш жыллық монетизация тарийхында биринши мәрте дәраматлы болмақта.

2024-жылы «Telegram»ның улыўма дәраматы 1 миллиард доллардан асты ҳәм мессенджер жылды крипто-активлерди есапламағанда, 500 миллион доллардан аслам нақ пул резерви менен жуўмақлайды.

Дуровтың айтыўынша, мессенджер кейинги төрт жыл даўамында шама менен 2 млрд муғдарында қарыз алған ҳәм облигациялар ушын қолайлы баҳалардан пайдаланып, усы жылдың гүзинде оның сезилерли бөлеги қайтарылған.

Усы жылы «Telegram Premium» ағзалары саны 12 миллионнан көбиректи қурамақта. Бунда реклама дәраматлары да бир неше есеге көбейген.

Дуров усы жылы монетизация тараўындағы жаңалықлар сыпатында — «Yulduzlar», «Hadyalar», «Giveaways», «mini-ilovalar», «Hamkorlik platformasi», «Telegram Biznes» ҳәм «Telegram Gateway» иске түсирилгенин атап өтти.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги