Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайында Женева конвенциялары ҳәм оларға қосымша протоколлар қабыл етилгениниң 75-жыллығына бағышланған илаж өткерилди. Онда усы халықаралық ҳүжжетлердиң латын жазыўындағы өзбек әлипбесинде басып шығарылған жаңа басылымының презентациясы да болып өтти.

Илаж Швейцария конфедерациясының Өзбекстандағы елшиханасы ҳәм  Халықаралық Қызыл Ярым Ай комитетиниң Орайлық Азия бойынша регионаллық ўәкилликханасы менен биргеликте шөлкемлестирилди.

Женева конвенциясы ҳәм оған қосымша протоколлардың өзбек тилинде  бысылып шығарылыўы халықаралық гуманитарлық нормалардан пайдаланыў имканиятларын кеңейтеди. Бул қәнигелер, мәмлекетлик хызметкерлер, илимий жәмийетшилик ҳәм кең жәмийетшилик арасында ҳуқықый хабардарлықты арттырыў имканиятын береди. Мәмлекетимизде инсан ҳуқықларын қорғаў ҳәм халықаралық гуманитарлық ҳуқық тараўындағы тийкарларды беккемлеўге хызмет етеди.

Инсан ҳуқықлары бойынша миллий орайдың директоры А.Саидовтың атап өткениндей, Өзбекстан халықаралық ҳуқықтиң  тийкарғы принциплерине ҳәм инсан  ҳуқықларына сөзсиз әмел етиўге садық болып есапланады. Өзбекстан Женева конвенциялары ҳәм олардың қосымша протоколларын ратификациялап, бул халықаралық-ҳуқықый ҳүжжетлер қағыйдаларын миллий ҳуқықый  система менен  үйлестириў, сондай-ақ, кең көлемли ағартыўшылық ислерди әмелге асырыў миннетлемесин алған.

Атап айтқанда, жасларды турақлы келешектиң кепиллиги сыпатында тәрбиялаў, мәмлекетлик институтлар, Қураллы Күшлер, ҳуқық қорғаў структуралары ҳәм кең жәмийетшилик арасында гуманитарлық ҳуқық нормалары ҳаққындағы билимлерди бериўге турақлы итибар қаратылмақта.

Халықаралық Қызыл Ярым Ай комитетиниң  Орайлық Азия бойынша ўәкилханасы басшысы Биляна Милошевич Женева конвенцияларының БМШға ағза барлық мәмлекетлер тәрепинен ратификацияланыўы қураллы келиспеўшиликлердиң инсан өмирине қәўипли тәсирин шеклеў ушын анық қағыйдалар орнатыў зәрүр екенлигин улыўма тән алыўдың исенимли дәлили екенин  атап өтти.

Халықаралық гуманитарлық ҳуқық заманагөй қураллы келиспеўшиликлердиң жаңа қәўип-қәтерлерине бейимлесиўде даўам етпекте. Ол өзиниң жаўынгерлик ҳәрекетлерде қатнаспай атырған шахсларды қорғаў, урыс алып барыў  қураллары ҳәм усылларын шеклеў, айрықша шараятларда да адамгершилик принципин сақлап қалыў, келиспеўшиликлердиң узақ мүддетли ақыбетлерин азайтыў ҳәм жарасыў ҳәм  турақлы тынышлық ушын шараятларды тәмийинлеўден ибарат тийкарғы ўазыйпаларына қатаң әмел етпекте.

Илаж даўамында Швейцария Конфедерациясының Өзбекстан Республикасындағы елшиси Константин Обеленскийдиң айтқанындай, Женева конвенцияларының мақсети барлық қураллы келиспеўшиликлерде әмел етилиўи шәрт болған минимал гуманитарлық стандартларды белгилеў арқалы урыстың аяўсызлығын жумсартыў болып есапланады. Женева конвенциялары адамзатқа хызмет етиўдей улыўма жер жүзилик миннеттлемени өзинде бирлестирген болып,  түрли жағдайларға қарамастан, ҳәр бир инсанға абырай, қәўипсизлик ҳәм мийрим-шәпәәт кепиллениўи керек болған беккем принциплерди  еслетип турады. Сол көзқарастан, ҳәзирги конвенциялар халықаралық  ҳуқықтың фундаментал қәдирияты болып есапланады.

Елши Өзбекстан Республикасының халықаралық гуманитарлық ҳуқық принциплерин ғалаба ен жайдырыў ҳәм енгизиўге садықлығын жоқары баҳалады. Бул мәмлекеттиң  гуманистлик қәдириятлар ҳәм инсан ҳуқықларын миллий ҳәм халықаралық дәрежеде  беккемлеўге  умтылысын тастыйқлайтуғынын атап өтти.

Илаж жуўмағында қатнасыўшылар халықаралық гуманитарлық ҳуқық тараўындағы әҳмийетли мәселелерди шешиў ҳәм оның қағыйдаларын миллий дәрежеде беккемлеўге қаратылған бирге ислесиўди даўам еттириўге таяр екенлигин билдирди.

Додалаўлар даўамында бир қатар әмелий усыныслар алға қойылды. Атап айтқанда, Қорғаныў министрлиги Академиясында Женева конвенциялары ҳәм Қосымша протоколлар презентациясын өткериў, бул ҳүжжетлердиң өзбек тилиндеги басылымының санын көбейтиў, халықтың халықаралық гуманитарлық ҳуқық принциплери ҳәм әҳмийети ҳаққында хабардарлығын  арттырыўға қаратылған биргеликтеги илажларды шөлкемлестириў бойынша пикирлер билдирилди.

Бул басламалар халықаралық гуманитарлық ҳуқыққа ҳүрмет мәдениятын беккемлеў, оны әмелде қолланыўды кеңейтиў ҳәм Женева конвенциялары тийкарында өз көринисин тапқан адамгершилик қәдириятларын алға қойыўға хызмет етеди.

Норгул Абдураимова, ӨзА