ЮНЕСКОныӊ изертлеўине бола: Инфлюенсерлердиӊ (блогер) 62 проценти мағлыўматты бөлисиўден алдын тексермейди. Бул дезинформация тарқалыўына ҳәм жәмийетшилик исениминиӊ төменлеўине алып келиўи мүмкин.

Хош, дезинформация дегенимиз не?

Дезинформация – (французша des – унамсыз ҳәм information – мәлимлеме) арнаўлы топар ҳәм шөлкемлердиӊ ғәрезли мақсетлерине ерисиў жолында жалған мағлыўматлардан пайдаланыў тийкарында жәмийетлик пикирди бурмалаў мақсетинде баспасөз, радио, телевидение ҳәм интернетте қолланатуғын усыл, қурал.

Дезинформацияныӊ 3 түрли:

а) жалған мәлимлеме, жар салыў ҳәм шаў-шуўлар тарқатыў;

б) конфиденциал мағлыўматлар «ағып кетиўи»н шөлкемлестириў;

в) арнаўлы фактлерди бөрттирип сәўлелендириў, қарам-қарсылықлы хабарларды  тарқатыў сыяқлы түрлери бар.

Pew Research Center мағлыўматлары: 18-29 жастағы америкалылардыӊ 40 проценти жаӊалықларды инфлюенсерлерден алады. Бирақ, олардыӊ көпшилиги мәлимлеме тараўында жуўапкер шөлкемде жумыс алып бармаған.

Усы жерде ЮНЕСКО «Медиа саўатлылық ҳәм фактлерди тексериў әҳмийетли, кери жағдайда социаллық тармақлардағы мәлимлеме исенимсиз болыўы мүмкин» екени ҳаққында ескертеди.

Дезинформацияныӊ тарийхы, бәринен бурын, ҒХҚныӊ пайда болыўы ҳәм қәлиплесиўи менен үзликсиз байланыслы, оныӊ мазмун-мәниси тийкарынан сиясий, ғәрезли мақсетлерди гөзлеген умтылысларда көринеди. Биз бундай қәўиплерге бәрқулла сергек ҳәм қырағы болып жасаўымыз, оларға қарсы ҳәр тәреплеме тереӊ ойланған, пуқта илимий тийкарда шөлкемлестирилген, турақлы ҳәм үзликсиз түрде алып барылатуғын руўхый тәрбия менен жуўап бериўимиз керек. Мине, сонда ғана халқымыз, әсиресе, жаслар ўақыяға ашық көз бенен  қарап, дүньяда ҳәм әтирапымызда бар болған, барған сайын күшейип баратырған руўхый     қәўип-қәтерлерди, тарқатылып атырған түрли мағлыўмат ҳәм мәлимлемелерди дурыс баҳалап, олардан тийисли жуўмақ ҳәм сабақ шығара алады.

М.Турдалиева, А.Аҳмедов (видео), ӨзА