Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 19-декабрь күни Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин менен телефон арқалы сөйлести.
Еки тәреплеме күн тәртибиндеги ҳәм регионаллық шөлкемлер шеңбериндеги көп тәреплеме бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.
Қәўипсизликке қәўиплерге қарсы гүрести күшейтиў мақсетинде еки мәмлекеттиң арнаўлы хызметлери арасындағы тығыз ҳәм нәтийжели бирге ислесиўди даўам еттириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
ӨзА