Қумар ҳәм тәўекелшиликке тийкарланған ойынларды  үгит-нәсиятлаўға қаратылған веб-сайтлардың 30 ға шамаласы блокланды.

Бәсеки комитети баспасөз хызмети берген мағлыўматқа бола, рекламаға байланыслы нызамбузылыўларға оператив илажлар көриў мақсетинде Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги менен бирге ислесиў жолға қойылған.

Онда, букмекерлик хызметлерине байланыслы рекламаны үгит-нәсиятлаўшы веб-сайтларға кириўди шеклеў (блоклаў) илажлары көрилмекте.

Атап айтқанда, әмелге асырылған жумыслар нәтийжесинде букмекерлик хызметлерди үгит-нәсиятлаўшы 42 веб-сайтты блоклаў бойынша МҒКАға усыныслар киргизилген болып, соннан 30 ға шамалас сайтлар белгиленген тәртипте блокланған.

«Комитет тәрепинен бул бағдардағы мониторинг жумыслары системалы даўам еттирилмекте»,- деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги