БМШтың Климат өзгериўи бойынша конференциясы (СОР29) нда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығы Танзила Норбоева басшылығындағы парламент делегациясы қатнасты.

Конференция шеңберинде климат өзгериўи менен байланыслы машқалаларды шешиў ҳәм оларға бейимлесиў процесслерин қаржыландырыў мәселелериниң додалаўына бағышланған бир қатар форумлар шөлкемлестирилди.

Т.Норбоева форумда шығып сөйлеп, Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығындағы бир қатар басламалар алға қойылып атырғаны, дүнья жәмийетшилигин бир болыўға шақыратуғын халықаралық усыныслар билдирилип атырғанын атап өтти. Буны әмелге асырыў зәрүрлиги ҳәм бүгинги күнде бул әҳмийетке ийе екенин атап өтти.

Мәмлекетимиз 2023-жылы климат өзгерислерине бейимлесиў процесслерин қаржыландырыў бағдарында ҒМДА мәмлекетлери арасында бириншилерден болып тарийхый қәдем таслады ҳәм 331 миллион долларлық «жасыл» суверен халықаралық облигацияларын Лондон фонд биржасында жайластырды.

Өзбекстан өзиниң географиялық жайласыўы себепли теңизге шығыў имканияты жоқ мәмлекет болып есапланатуғынын итибарға алып, мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёев СОР29 саммитиндеги шығып сөйлеген сөзинде теңизге шығыў имканияты болмаған мәмлекетлер ушын елимизде БМШтың инновациялық агросанаат хабын жаратыў басламасын алға қойды.

Өзбекстан климат машқалаларына қарсы гүресиў ҳәм регионның экологиялық турақлылығын тәмийинлеў мақсетинде бир қатар әҳмийетли регионаллық ҳәм глобал басламалар менен шығып атырғанын атап өтиў керек.

Атап айтқанда, экологиялық машқалардың регионаллық ҳәм трансшегаралық өзине тәнлигин инабатқа алған ҳалда Өзбекстан Президенти басламасы менен алға қойылған «Орайлық Азия глобал климат қәўиплери алдында: улыўма абаданлық жолында бирлик» ҳаққындағы БМШ Бас Ассамблеясының резолюциясы усы жылы қабыл етилди.

Форумда климат өзгериўи менен байланыслы машқалаларды сапластырыў ҳәм жаңа басламаларды әмелиятқа енгизиўде парламентлер дәрежесинде бирге ислесиў кең перспективаға ийе екенлиги тән алынды.

Өз гезегинде, ҳәзирги қәўипли ҳәм глобал экологиялық машқалалар ҳәўиж алып атырған заманда усы ўазыйпаларды әмелге асырыўда Парламентлераралық аўқамның орны ҳәм әҳмийети оғада артып баратырғаны атап өтилди.

Т.Норбоева өзиниң шығып сөйлеген сөзинде барлық парламентлер нызамшылық тараўында өз-ара тәжирийбе алмасыўлары үлкен әҳмийетке ийе болатуғыны, пармламентлердиң илимий-изертлеў институтлары, орайлары, жаслар парламентлери арасында турақлы бирге ислесиўди тәмийинлеў зәрүр екенин айрықша атап өтти.

Сондай-ақ, биргеликте изертлеўлер өткериў, илимий тийкарланған усынысларды ислеп шығыў ҳәм ҳүкиметлерге бериў әмелиятын кеңнен енгизиў мақсетике муўапық екени билдирилди.

Норгул Абдураимова, ӨзА