15-ноябрь күни Президент тәрепинен қол қойылған Нызам менен Салық кодексине қосымша ҳәм өзгерислер киргизилди.

Нызам менен жоқары турақлылық рейтингине ийе болған исбилерменлик субъектлери ушын хошаметлеў илажлары енгизилиўин нәзерде тутатуғын қосымша ҳәм өзгерислер киргизилмекте:

— жоқары турақлылық рейтингине ийе болған исбилерменлик субъектлерине салықлар бойынша (бунда ҚҚС дан тысқары) артықша төленген сумманы қайтарыў 3 күнлик мүддетте әмелге асырылады;

— рейтинг бойынша «ААА» категориядағы исбилерменлик субъектлерине болса салық тексериўлери өткерилмейди (бунда жынайый ислер шеңберинде өткерилетуғын тексериўлерден тысқары) ҳәм усы категориядағы исбилерменлик субъектлерине ҚҚС суммасының орнын қаплаў тексериўлер өткерилместен 1 күнлик мүддетте әмелге асырылады.

ӨзА