15-ноябрь күни Президент тәрепинен қол қойылған Салық кодексине қосымша киргизилди.

Нызамға бола, 2023-жыл 1-январьдан 2026-жыл 1-январьға шекем болған дәўирде:

— физикалық тәреплердиң үй шараятында тири пилле жетистириў (жумысты

бөлип алып ислеў) жумысынан алынған дараматларын физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығынан азат етиледи;

— үй шараятында тири пилле жетистириўши жумысты бөлип алып ислеўшилердиң мийнетине ҳақы төлеўге қаратылған қаржылар социаллық салықтан азат етиледи;

— тут атызлары менен бәнт болған жер участкалары ушын жер салығы белгиленген салық ставкаларына салыстырмалы 0,1 коэффициент қолланылған ҳалда есаплап шығарылады.

ӨзА