Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығы Танзила Нарбаева Баку қаласында халықаралық шөлкемлердиң басшылары ҳәм парламент басшылары менен еки тәреплеме ушырасыўлар да өткерди.
Атап айтқанда, Сенат Баслығы Парламентлераралық аўқам Баслығы Тулия Эксон ҳәм Парламентлераралық аўқам Бас хаткери Мартин Чунгонг менен ушырасыў өткерди.
Сөйлесиў даўамында тәреплер Өзбекстанның Парламентлераралық аўқам менен турақлы бирге ислесиўи, келешектеги режелер, 2025-жылдың апрель айында Ташкент қаласында өткерилетуғын 150-юбилей Ассамблеяға таярлық көриў, Турақлы раўажланыў мақсетлериниң орынланыўында парламент қадағалаўы орнатылғанлығы, бул бағдарда арнаўлы комиссияның нәтийжели жумысы сыяқлы мәселелер толық додаланды.
Соның менен бирге, елимизде социаллық қорғаў системасын жаратыў, кәмбағаллықты қысқартыў, инклюзив ҳәм креатив экономиканы раўажландырыўда парламенттиң роли ҳаққында пикир алысылды.
Сондай-ақ, Сенат Баслығы Т.Нарбаева Әзербайжан Миллий Мажлиси Баслығы Соҳиба Гафарова менен ушырасты.
Сөйлесиў даўамында Өзбекстан ҳәм Әзербайжан парламентлери арасында өз-ара бирге ислесиў байланысларының әмелдеги жағдайы, перспективадағы режелер ҳәм ўазыйпалар додаланды.
Атап айтқанда, еки мәмлекет арасында экологиялық ҳәм климат бойынша парламент бирге ислесиўин және де беккемлеў, бул бағдарда өз-ара тәжирийбе алмасыў мәселелерине итибар қаратылды, деп мәлимлеме береди сенат.уз
Қарақалпақстан хабар агентлиги