Өзбекстанда көше шырақлары ҳәм жол белгилери басқышпа-басқыш альтернативалық энергия дәреклерине өткерилиўи айтылмақта, деп жазады Uznews сайты.
Бул ҳаққында Ҳүкиметтиң «Автомобиль жоллары инфраструктурасын және де раўажландырыў ҳәм жол ҳәрекетин шөлкемлестириў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарында көрсетип өтилген.
Ҳүжжетке муўапық, дәслепки сынаў жойбарлары 2019-жылы әмелге асырылады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги