«Еркин Қарақалпақстан» газетасының 100 жыллығы алдынан
Талапшаң жуўаплы хаткер болды
Газета редакциясында журналистлерден кейинги ең әҳмийетли буўынды техникалық хызметкерлер қурайды. Олардың хызмети оқыўшының кѳзине түсе бермегени менен ҳақыйқатында журналистлер тәрепинен жазылған мақалаларды газета ҳалына келтиретуғын солар.
Күнделикли баспа сѳзде «секретариат-газетаның жүреги» делинеди. Мениң билетуғынларымның арасында «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист» Атажан аға Халмуратовтай қатты қоллығы менен адамгершилиги, талапшаңлығы менен искерлиги, қайрап-қайрап жумсап, «гилмаласын» да ѳзи басыўға шебер жуўаплы хаткерди кѳрмедим. Ол дѳретиўшиликте де алдына адам салмаған талантлы журналист еди. Поэзияда тѳкпе шайырлар кѳп болмағанындай, журналистикада да қойын дәптериндеги бес-алды цифрдың дѳгерегинде туўры компьютер операторының жанына барып тѳгилип айтып кете беретуғын журналистлер жүдә аз. Жазғанын қайта ислеп отырмайтуғын, не жазса тасқа басқандай болып қалатуғын, тил байлығы күшли қәлем ийеси болды.
Атажан Халмуратов узақ жыллар «Еркин Қарақалпақстан» газетасының жуўаплы хаткери лаўазымында иследи ҳәм бул жыллар ишинде газетаның сапасына айрықша итибар менен қаралды. Ҳәпте сайын ѳткерилетуғын «летушка»ларда: «Ҳәрбир санда оқыўшылар қызығып оқыйтуғын бир мақала болсын. Жазылған пулына қыйланып, мына газиттен не оқыймыз, неге жазылдым деп отырмасын» деп шырлап, бѳлимлерге тапсырмалар берилип атырғанда шетте қалмады.
«Еркин Қарақалпақстан» Атажан Халмуратовтың екинши үйи болды. Редакция есигин азанда ҳәммеден бурын ашатуғын ол ҳәр сан шыққанда түнде шығып атырған газета бетлерин бир қатар кѳзден ѳткерип, нәўбетшиге «газетаны саған, сени қудайға тапсырдым» деп бәримизден кейин қайтар еди.
Ол усындай ғыжлаған мийнеттиң ишинде жүрип, бир қанша китаплар дѳретти. Мысалы, «Анамның ақ сүти», «Бир ѳмирдиң жети мәўрити», «Алыс жулдыздың жылыўы», «Ҳәмме сиздей болғанда еди», «Дарсанның шуғлалы таңлары» сыяқлы бир қатар китаплары менен жәмийетшиликке жазыўшы сыпатында да кеңнен танылды.
Атажан аға жуўаплы хаткер болған ўақытта пүткил жәмәәт аяқларынан тик басты. Ол әпиўайы сипсекештен баслап редакцияның барлық хызметкерлерине гәпин тыңлата билди. Онда адамларды қайрап, гейде ашыўына тийип жумсайтуғын әдет бар еди. Бирақ, қайралыўдан ҳеш ким зыян кѳрмеди. «Тап сол айтқаның ушын» деп алға умтылар едик. Тегинликте адам мақтамайтуғын, жақпас жериң болса «салдыртып» бетиңе айтып тура беретуғын, жумысын билип ислейтуғын Атажан ағадан кѳпшилик тартынды.
Ағамыздың жақсы тәреплери де кѳп еди. Ол жәмәәт пенен бас редактор арасындағы кѳпиримиз болды. Байрамларды жәмәәт пенен белгилеў ме, усындай сәнелерде хызметкерлерди сыйлықлаў ма, турмысында қыйыншылықлар ушырасып қалған хызметкерлерге материаллық жәрдем кѳрсетилиў мәселеси ме, редактордан бурын Атажан ағаға айтылар еди. «Қәне, редактор менен бир ойласып кѳрейик» десе, мәселе шешилди деп қоя бергенбиз. Ол тѳрелиги, қарақалпақшылығы басым жасы үлкенимиз болды.
Атажан Халмуратовтың «пенсияға шықсам, «Еркин Қарақалпақстан»ның жанынан музей шѳлкемлестиремен» деген әрманы ѳзи менен кетти. Музей ушын деп газета тарийхына тийисли қандай сүўрет, материал болса жыйнап, толы шкафларын қызғыштай қорып жүрди. Атажан аға арамызда болып, ҳәзир сол музей ислеп турғанда, биринши саны жарық кѳргенине 100 жыл толып атырған газетамыз ушын да, болажық журналистлер, илимпазлар ушын да әҳмийети зор болар еди. Ҳүрметли дем алысқа шыққаннан соң узақ ислеў оған несип етпеди. Ол 2011-жылы 63 жасында ѳмирден кѳз жумды.
Рысгүлдиң орны еле билинеди…
Газетамыз тарийхында қалған инсанлардың және бири-қаршадайынан редакцияға жумысқа келип, онға жуўық бас редактордың хаткери болған, ѳз ўазыйпасын артығы менен орынлаған, компьютер қәнигеси сыпатында кѳзге түскен Рысгүл Ѳтепова болды. Оның минези басқаларға усамас еди. Газета материалларын компьютерде терип ғана қоймастан, керек емес деген абзацларын автор менен ойласпастан-ақ «ана жериң болмайды-әй, қысқартып жибердим» деп отыра беретуғын, жасы үлкен-жасы кишини аға, апалап сыпайылай бермей, қатарындай сынап-минейтуғын ол шаққанлықта алдына адам салған жоқ.
Мен оны редакциядағы атмосфераның «барометри»ндей кѳрер едим. Редактордан шешилетуғын айырым машқалаң болса «баслық бүгин кеўилли отыр, ҳәзир айтсаң жумысың питеди» деп ханамызға келип қулағымызға сыбырлап кетеди ямаса редакторда жумысым бар деп қабыллаўханаға барсаң «бүгин ҳәлегиңе қалма!» деп табаннан қайтарады. Кеўли келсе, оннан шоқ қыз жоқ. Редакцияның дәлизинде тик минез Рысгүлдиң күлкиси еситилсе, ҳәммениң «териси жайылып», оның менен ҳәзиллесип, пайыттан пайдаланып кеўиллериндеги айтып қалар еди.
Рысгүл айырым журналистлерге қарағанда да кѳп китап оқыды. Билими мектеп кѳлеминде болғаны менен әдебий шығармалардың, газетадағы мақалалардың парқына баратуғын, сайлап оқыйтуғын ҳәм оқығанлары бойынша пикирин сыпайыластырмай дүрсе-дүрсе айтып таслайтуғын қәсийетлери менен дѳретиўшилерге жақын болды. Қайтыс болмасынан алдын газета ушын кишигирим аўдармалар менен шуғылланды. Авторлардың қәлем ҳақыларын белгилеў Рысгүлге тапсырылғанлықтан «кѳп жазсам, кѳп гонорар аламан деп шубалта бермең, мақалаң жақсы болса қояман» деп ҳәзиллесер еди.
Ҳәмме ѳз пикирине ийе үлкен редакцияға Рысгүлдей шорт кесер адам да кереклиги енди билинип атыр. Ол 51 жасында аўыр кеселликтен қайтыс болды.
Корректордың да корректоры бар
Ҳәзир «Еркин Қарақалпақстан»да Арзайым Байлепесовадай болып газетаның қәтесиз шығыўы ушын жан күйдиретуғын пидайы корректорлар аз. Айырым корректорлардың «оригиналда сондай» деп жуўапкершиликтен қашып қәтени дурысламайтуғынын, газеталардағы қәтелерди кѳрсем, Арзайым ядыма түседи.
Негизинде тилди жақсы билмеген корректор «оригинал»ды сылтаўлайды. Бурын ҳәр қандай кәсип ийесине сѳздиң дурыс жазылыўы зәрүр болып қалса, газеталарға жүгинер, кең жәмийетшиликте газетада дурыс жазылады деген пикир қәлиплескен еди. Арзайым сондай заманларда корректор болды ҳәм бир ҳәриптен де қәте кетпеўи ушын бар билимин, күшин сарплады. Гейде айырым сѳзлердиң жазылыўында келиспей қалсақ, «полоса»сын желбиретип редакторға жуўырып кетер, сѳзлик излеп, дәлиллесиўге еринбес еди. Ол бундай ўақытларда ҳеш қашан «оригинал»ға емес, қарақалпақ тилиниң түсиндирме сѳзлигине, қағыйдаларына жүгинди. Оның уллы шайырымыз Ибрайым Юсуповтың қосығында мақталыўы бийкарға емес.
Арзайым мақалаларды оқый баслағаннан авторы ким екенин билер, сыйқағы шыққан гәплерди қоллана беретуғын хабаршыларды «жылт етери жоқ», «ручканың сабындай қысқа мақаласын да дурыслы жаза алмайды» деп баҳа бериўге шебер еди. Ол корректурадан тысқары тилши қәниге сыпатында айырым мақалалардың темасын ѳзгертиўге себепши болғанын кѳп кѳргенбиз. Бир күни мен филология илимлериниң профессор, Қуўанышбай Оразымбетовтың бундай қосықлар сѳз етиўге де ылайық емес деген мазмундағы сын мақаласына пикир жаздым. Мақаламның темасын «Сѳз етиўге турмайтуғын қосықлар ҳаққында… сѳз» деп қойдым. Жумыс күниниң ақырында мақала газетада усы темада шығып атырғанын кѳрип кеттим. Азанда жумысқа келсем, темам «Сѳз етиўге турмайтуғын қосықлар туўралы пикир» болып ѳзгерип кеткен. Сорастырсам «темаңда сѳз деген еки мәрте қайталанып турған соң редакторға айтып ѳзгерттирген мен» деди Арзайым. Тилшиге гәпиңди ѳткериў аңсат па, не ушын қайталанғанын зорға дәлилледим. Ол меннен «ендиги жағында темаңа тиймегеним болсын» деп қутылды.
Арзайым Байлепесова усындай жанкүйерлигинен, пидайылығынан редакция жәмәәти арасында үлкен абырайға ийе болды. «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери» ҳүрметли атағына еристи.
Қәне, ҳәмме Зухрадай болса…
Жәмәәтте бир күн жумыста кѳринбесе, орны белгили болып туратуғын санаўлы хызметкерлер болады. Лаўазымы кишигирим болғаны менен оларсыз редакцияның жумысы ѳнбейди. «Еркин Қарақалпақстан» газетасында компьютер операторы болып ислейтуғын Зухра Ембергенова да сол тайпадағы хызметкерлерден. Әдетте билим, әдеп-икрамлық, адамгершилик, мийзамкеш, мийнеткеш, пидайылық пазыйлетлери бир адамда жәмлесиўин кѳп кѳре бермеймиз. Зухрада болса, солардың бәри жәм. Исеним менен айта аламан, буны ҳәзир де бирге ислесип жүрген кәсиплеслериниң ҳеш бири бийкарламайды. Ибрайым Юсупов, Әскербай Әжиниязов, Толыбай Қабулов, Халила Дәўлетназаров, Оразбай Сәтбаевтай атақлы шайырлардың Зухра Ембергеноваға арнап жазған қосық қатарларында оның жоқарыда айтылған ағла пазыйлетлери тәрипленген.
Зухра 1985-жылы 17 жасында усы газетаға жумысқа қабылланған болса, мине 40 жылға жуўық ўақыттан бери редакцияның ыссысы менен суўығына кѳнип мийнет етип киятыр. Редакцияда ислеп жүрип Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң қарақалпақ тили ҳәм әдебияты факультетин тамамлағаны менен муғаллимшилик кәсибине қызықпаған. Оның билим дәрежесинен хабарлы курсласлары «Зухра, неге корректурада, компьютерде отырып қалдың? Егер дәслептен мектепке келгениңде әлле қашан директор болатуғын едиң» десе, «маған усы кәсибим унайды» деп жуўапты қысқадан қайырғанына гүўа болғанман.
Зухраның тил билиминиң маманы болыўы редакциядағы бираз жумысларды жеңиллестиргенин мойынлаўымыз керек. Ол мақалаларды қәтесиз терип ғана қоймастан, жазып отырып билдирместен редакторлап, сѳзлер қайталанса сол сѳздиң синонимлерин пайдаланып жиберетуғын тәреплери бар. Әдебиятқа қызығатуғын, қарақалпақ тилин терең меңгерген Зухра басқа бѳлимлерде де ислеп кете алар еди. Бирақ, оның исине пухталығы, басқа жумысқа умтылмаўы редакция басшылығына қол келген.
Және бир айта кетерлик тәрепи Зухра шайыр тәбиятлы. Әсиресе, уллы шайырымыз Ибрайым Юсуповтың қосықларын, поэмаларынан үзиндилерди ретли жеринде ядтан айтып отырады. Қулласы, ол газета ушын да, редакция жәмәәти ушын да жүдә керекли қәниге екенлигин иси менен дәлиллеп киятыр.
Жеңиске жететуғыны жоқ еди, әттең…
«Еркин Қарақалпақстан»ның тарийхы менен таныссаң, газетаның бас редакторлары кадрларды таңлаў мәселесине күшли итибар қаратқанлығы айқын кѳринип турады. Бул редакцияда нәментай, айлық алыў ушын ислеген хызметкерлер жүдә азшылықты қураған. Мейли, ол журналист болсын, мейли, техникалық хызметкер ме, кәсибине шын берилген инсанлар жумыс алып барған ҳәм олар умытылмайды.
Редакцияда компьютер операторы ушын дѳретиўшилик пенен ислеўдиң қаншелли әҳмийетли екенлигин кѳрсетип кеткен Жеңис Ермановтың орны айрықша. Негизинде техникалық жумыс пенен шуғылланатуғын хызметкерлердиң де жоқары мағлыўматлы, анығырағы тилши болыўынан газетаның утқан тәреплери кѳп болды. Қәнигелиги оқытыўшылық болған Жеңис ѳмирин редакция менен байланыстырды. Компьютер операторы болған оған газетаның «версткасы» ямаса ҳәр бетке берилетуғын мақалаларды жуўаплы хаткердиң сызып бергениндей етип жайластырыў, ҳәриплерди таңлаў, техникалық безеў, қулласы, газетаны кѳркемлеп баспаға таярлаў тапсырылған еди.
Жеңис ѳз ўазыйпасын жоқары дәрежеде атқарды. Ол пикирлеў қәбилети кең, излениўшең, мийнеткеш, әдебиятқа жаны қумар жигит болды. Оның тәбиятындағы бар қәсийетлер газетаның шырайына, безелиўине, сапасына тәсир кѳрсетпей қалмады. Жеңистиң газета ушын ислеген және бир айтарлықтай хызмети-газетада оншелли итибар берилмей киятырған бир сѳздиң түрли-түрли жазылыўын ѳзи еринбестен дүзетип барды. Бул ѳз нәтийжелерин берди.
Мектеп партасынан шығыўдан «Қарақалпақстан» баспасында корректор, соңынан усы баспаның кѳркем әдебиятлар бѳлими редакторы лаўазымында ислеўи Жеңис ушын үлкен тәжирийбе мектеби болды. Ол Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң қарақалпақ тили ҳәм әдебияты факультетинде «Еркин…»де ислеп жүрип оқыды.
Жеңистиң алға қойған мақсетлери, жәмәәтимиздиң оннан күтери кѳп еди. Әттең, ѳмири қысқа болды. Сум әжел оны 31 жасында арамыздан алып кетти.
Пердегүл Хожамуратова,
Қарақалпақстан Республикасына
мийнети сиңген журналист.
Қарақалпақстан хабар агентлиги