Елимизде әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжелилиги, қарар ҳәм пәрманлардың орынланыўының тәмийинлениўи, әмелге асырылып атырған кең көлемли қурылыс, абаданластырыў жумысларының барысы тийисли тараў басшылары ҳәм депутатлардың турақлы қадағалаўында.

Өзбекстан Республикасы Бажыхана комитети Мәлимлеме технологиялары ҳәм кибер қәўипсизликти тәмийинлеў басқармасының баслығы А.Дўстмухамедов тийисли тараў басшылары менен биргеликте, республикамыздың арқа-батыс шегарасында жайласқан «Даўыт ата» шагара бажыхана постында усы бағдардағы жумыслардың барысы менен танысты.

Бул жерде әмелге асырылып атырған реконструкциялаў жумысларының барысы, посттағы тийкарғы жумысты ўақытша терминалға көшириў, қурылыс жумыслары, жаңа пост терминалындағы қадағалаў-техникалық қуралларының орналастырылыў тәртиби, олардың үзликсиз жумыс ислеўи ушын жаратылған шараятлар ҳәм режелестирилген басқа да жумыслар додаланды.

Соның менен бирге, бажыхана постындағы жумыслар, олардың транспортларды ҳәм жолаўшыларды өткериў мүмкиншилигин арттырыўда қадағалаў техникалық қуралларының және инспекциялық тексериў комплекслериниң талапқа жуўап бериўи, дәрежеси, санластырыў процесслериниң әмелиятта қолланылыў коэффицентлерин үйрениў жумыслары алып барылды.



 Үйрениў даўамында жумысларды еле де жеделлестириў бойынша пикир-усыныслар билдирилип, тийисли көрсетпелер берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги