Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки менен биргеликте алдынғы исбилерменлердиң қатнасыўында «Business Breakfast» илажы шөлкемлестирилди.
Илажды шөлкемлестириўден тийкарғы мақсет – исбилерменлердиң жетекши бизнес тәжирийбелери, раўажланыў стратегиялары ҳәм кәрханаларды басқарыўдың нәтийжели усыллары ҳаққында билим ҳәм тәжирийбелерин арттырыў, сондай–ақ, жергиликли исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў, инновациялар ҳәм исбилерменлик руўхын хошаметлеў, бизнес орталығын жақсылаўдан ибарат.
Илажда Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығының орынбасарлары М.Косназаров, Н.Мамбетова, Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банкиниң Өзбекстандағы “Киши бизнес консультациялары” бағдарламасының аналитиги А.Маткаримов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, республикамызда исбилерменликти раўажландырыўда халықаралық бирге ислесиўдиң әҳмийети үлкен екенлигин атап өтип, бул бағдардағы жумыслар туўралы мағлыўматлар берилди.
Ушырасыўда узақ жыллық тәжирийбеге ийе жетекши исбилерменлер бизнесте жетискенликке ерисиўдиң сырлары, нәтийжели басқарыў, қаржыларды дурыс жумсаў ҳәм инновациялық жойбарларды әмелге енгизиў бағдарындағы өз билим ҳәм көнликпелери менен бөлисти.
Сондай-ақ, қатнасыўшылар елимизде исбилерменликти буннан былай да раўажландырыў, бизнес байланысларын еле де беккемлеў бойынша өз-ара пикир алысып, дастурхан әтирапында сәўбетлести.
Қарақалпақстан хабар агентлиги