Бирлескен Араб Әмирликлери “WAM”  мәлимлеме агентлиги “Tadweer Өзбекстан менен шәртнамаға қол қойды” темасындағы мақала жәрияланды.

Мақалада “Tadweer Group” компаниясы жәрдеминде Бухара ҳәм Наўайы ўәлаятларында инновациялық завод қурылысы бойынша келисимге қол қойылғаны, кәрханаларда күнине 1 500 тонна шығынды қайта исленетуғыны, жылына 363 миллион киловатт саат электр энергиясын ислеп шығарыў қуўатлығы жаратылатуғыны атап өтилген.

Шәртнамаға қол қойыў мәресими Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм басқа жоқары лаўазымлы әмелдарлар ҳәм “Tadweer Group” басқарыўшы директоры Али Ал-Зоҳирий басшылығыдағы делегацияның қатнасыўында болып өткени атап өтилген.

– Биз шығынды машқала емес, ал турақлы раўажланыўға жәрдем беретуғын баҳалы дәрек екенине исенемиз, – деди Али Ал-Зоҳирий. – Бул улыўма жумысымыздың тийкары, топарымыздың тиреги болып табылады.

Муҳаррама Пирматова, ӨзА