Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасында Кадастр агентлигиниң басқарма баслығы Ж.Юлдашев ҳәм Мәмлекетлик кадастрлар палатасының бөлим баслығы М.Аҳмедовлардың қатнасыўында оқыў-семинар болып өтти.
Онда Кадастр агентлиги ҳәм Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармаларының баслықлары, басқарма ҳәм филиаллардың, тийисли мәкеме ҳәм шөлкемлердиң жуўапкер қәнигелери қатнасты.
Семинарда Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 5-август күнги “Өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер участкаларына ҳәм оларда қурылған имарат ҳәм объектлерге болған ҳуқықларды тән алыў ҳаққында”ғы нызамның орынланыўын әмелге асырыў басқышлары, механизми, сондай-ақ, реже тийкарында мәҳәллелердиң аймақлық картасын ҳәм көшпес мүлклердиң дизимин таярлаў, топограф ҳәм кадастр инженерлерин бөлистириў, орынларда дәслепки хатлаў жумысларын баслаў ҳәм автоматластырылған мәлимлеме системасының ислеў тәртиби ҳаққында түсиниклер берилди.
Сондай-ақ, қәнигелердиң хатлаў процесслеринде жүзеге келиўи мүмкин болған машқалалы жағдайлар ҳәм әҳмийетли тәреплери бойынша пикир-усыныслары тыңланып, олар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги