Инсан өмири даўамында өзиниң  мийнети, кишипейиллиги менен адамлар арасында ҳүрмет-иззет  арттырып, жәмийетте өз орнына ийе болады. Ел-халыққа ислеген хызметлери менен ерискен табыслары әлбетте, инсанның жаслығында ата-анадан ҳәм устазлардан алған тәрбиясы нәтийжесинде жүзеге шығып, бул оның ушын мақтаныш сезимлерин кеўлине түйдиреди.

1946-жыл. Екинши жер жүзилик урыс жуўмақланып,  ел арасында жоқшылық, жоғалтыўлар болып атырған бир пайытта Ташкент қаласында зыялылар шаңарағында бир ул перзент дүньяға келди. Ата-анасы келешекте елге мийнети сиңетуғын инсан болсын  деп үлкен үмитлер менен Үмид деп ат қойған нәрестениң бүгин сексен жылдай ўақыт өтип  ел ардағына бөленген, елимиздиң раўажланыўы жолында мийнетлери сиңген инсан болып жетилискени  оның өзиниң кеўлинде де гейде мақтаныш сезимлерин оятып жибереди. 78 жас инсан ушын кимлигиңди, қандай инсан болғанлығыңды, ел хызметине жарағандай нелер ислегениңди билдиретуғындай нәтийжени дәлиллеўге жетерли дәўирлер. Ал, оны изде қалған жыллар, ерискен табысларды болса  санлар менен мағлыўматларға мөрленип қалған нәтийжелер ғана сөйлеп турады.

Умид Абдуллаев  1970-жылы Ташкент мәмлекетлик университети соңынан Ташкент ирригация ҳәм аўыл хожалығын мехенизациялаў инженерлери институтын тамамлап, инженер-гидролог қәнигелигин ийелегеннен соң  1972-жылдан баслап «UZGIP» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде қәниге, жетекши қәниге, топар басқарыўшысы, бас инженер, директор лаўазымларында жумыс алып барып, 2014-жылдан берли «UZGIP»  жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң техникалық директоры лаўазымында хызмет атқарып келмекте.

“Дарақ бир жерде турып көгереди” дегениндей, бир тараўда елиў жылдан аслам ўақыттан берли мийнет етип киятырған Умид Абдуллаев өзиниң мийнет сүйгишлиги, кәсипке деген садықлығы менен көзге түсип, республикада суўғарыў, жерлерди өзлестириў, қайта тиклеў, мелиоративлик қурылыс ҳәм жерлердиң  мелиоративлик жағдайын жақсылаў мақсетинде алып барылған кең көлемли жумысларға басшылық етип, жерлерди өзлестириў бойынша үлкен жойбарлардың алып барылыўына үлес қосқан. Атап айтқанда  Орта Азия регионында Арал теңизиниң суў ресурсларын комплексли пайдаланыў схемасы; Нарын-Сырдәрья суў сақлағышлар каскадының хызмет тәртиби; Сарез көли дамбысының бузылыўының алдын алыў ушын шаралар; Суў хожалығындағы жағдайларды есапқа алып турып Әмиўдәрья суў ресурсларының балансы; Әмиўдәрьяның суў ҳәм жер ресурсларының комплексли пайдаланыўын анықланған схемасы; Әмиўдәрья коллекторының ТЭТ (техник-экономикалық тийкар); Судочье көли әтирапындағы Бас Левобережный коллекторның  трассасын  ТЭЕ (техникалық экономикалық есап); Қубла коллектордан  Медами пәслигине шекемги болған бөлиминде  Қаршы шөл ҳәм  Бухара ўәлаятындағы  изей ҳәм тасландық суўларды узақластырыў мақсетинде магистрал коллекторлар қурылысы  ТЭЕ сы; Бухара ҳәм Хорезм ўәлаятларының жерлерин суў менен тәмийинлеўди жақсылаў  ТЭТ сы;  Қарақалпақстан Республикасын  суў менен тәмийинлеўди жақсылаў мақсетинде Шорбулақ суў сақлағышын қурыў ДТЭТ (дәслепки  техникалық-экономикалық тийкар); Тюбегатан калий төгинлер кәнине тийкарланып  Дийқанабад  калий  төгинлер заводының қурылыс ТЭТ сы; Сыртқы суў менен тәмийинлеў; Дәрья аралық (Междуреченский) суў сақлағышының   Шығыс көтермесин Ақдарья шеп жағалығынан оң жағалығына көшириў ИХ; Наманган ўәлаятында Резоксой суў сақлағышының қурылыс ислеринде белсендилик етип, үлес қосты.

Сондай-ақ ол тараўда халықаралық бирге ислесиў басламаларына да өз  үлесин қосып келмекте. Мозамбик Халық  Республикасында (1980 – 1984-ж.ж) Лимпопо дәрья бессейниндеги суў ҳәм жер ресурсларынан комплексли  пайдаланыў Схемасы (Суў Ҳожалық бөлими), Түркия Республикасында: Қазақстанда Қызыл Орда областына  суў жеткерип бериў ушын ТЭТ бойынша тендер ҳүжжетлерин таярлаў, Францияда Қубла Мырзашөл каналын автоматластырыў, республикамыздың тийкарғы суў хожалығы обектлери жойбарларын ислеп шығыўда белсене қатнасып келмекте.

Үмид Абдуллаев өмир жолында туўрысөз, пидайы инсан болыўы менен бирге мийнет жолында жасларға жол көрсетиўши қәдирдан устаз. Ол жаңалықларға умтылыўшаң, исбилермен ҳәм жәмәтти әдил басқаратуғын тәжирийбели басшы болыўы менен бирге елимизде ҳүрметли Президентимиз тәрепинен алып барылып атырған кең көлемли реформаларды әмелге асырыўда өз үлесин қосып киятырған, өз кәсибиниң пидайысы. Оның мийнетлери ҳүкиметимиз тәрепинен мүнәсип баҳаланып, 2001-жылы “Меҳнат Шуҳрати”, 2017-жылы “Фидокорона хизматлари учун” ордени менен ал, жақында ғана Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 33 жыллығы мүнәсибети менен «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген ирригатор»  ҳүрметли атағы менен сыйлықланды.

“Устаз-шәкирт” дәстүри тийкарында бир неше шәкиртлер таярлап, тараўдың уңқыл-шуңқылын үйретиўден шаршамайтуғын Үмид Абдуллаев шаңарақта өмирлик жолдасы менен  перзентлерин камалға келтирип, олардан ақлықлар сүйип, қуўанышына бөленген шаңарақ басшысы. Бахыттың барлық көринисин өз өмирине жәмлеген оның  ел  хызметиндеги жумысларында табыслар болыўын тилеймиз.

Г.Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги