Өзбекстан Журналистлер аўқамының және бир жаңа жойбары – «Алтын қәлемли журналистлер» китабының биринши үлги нусқасы баспадан шықты. Бул китапқа 50 ге шамалас устаз журналистлердиң ҳәзирги күнде баспасөзимизде азайып киятырған фельетон, очерк, журналистлик сорастырыў, эссе сыяқлы 8 журналистика жанры бойынша ең сайланба материаллары киргизилген.

Сондай-ақ, топламнан фотожурналистика бағдары жанрлары бойынша тәжирийбели фотожурналистлеримиз –Абдуғани Жума, Алимурод Мамадаминов, Анвар Илёсов, Ҳамдам Шораҳмедов, жаслардан Ҳасан Пайдоев, Ҳусниддин Ато, Холида Мусурмонова, Эъзоза Умрзоқова ҳәм басқалардың әжайып, түрли ракурслардан алынған сүўретлери орын алған. Бул топлам жас, улыўма, түрли жастағы дөретиўшилеримиз-журналистлеримиз ушын және бир қолланба болады, деп ойлайман.

Медиа тараў бойынша билим алып атырған жасларымыз бул китапта жәрияланып атырған устаз журналистлердиң шеберлик  пенен жазылған материалларын қайта-қайта оқыў арқалы журналистика жанрлары бойынша материаллар қандай жазылатуғынын үйрениўи мүмкин болады.

Қарақалпақстан Республикасы ҳәм барлық ўәлаятлардан устаз журналистлердиң ең сайланды дөретиўшилик жумыслары орын алған «Алтын қәлемли журналистлер» китабы жақын ўақыт ишинде дәслеп мың нусқада басылып шығылыўы күтилмекте.

Усы жерде, Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң 2022-жылы 27-июньдеги «Ғалаба хабар қуралларын қоллап-қуўатлаў ҳәм журналистика тараўын раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы бағдарламаның қарары менен тастыйықланған бағдарламаның орынланыўы шеңберинде редакцияларда, Өзбекстан Журналистлер аўқамы ҳәм аўқамымыздың аймақлық бөлимлери жанында белгили журналистлердиң болажақ медиа тараў ўәкиллери ушын «Шеберлик мектеплери», «Жас журналистлер» дөгереклери шөлкемлестирилгенин атап өтиўди қәлер едим. Бул топлам усы мектеп ҳәм дөгереклерде билим алып атырған жаслар ушын да керекли дәрек болады.

Жаңа Өзбекстанның жаңа журналистикасын жаратыў бойынша жумыс алып барар екенмиз, бул процессте журналистиканың тийкары есапланатуғын баспа ҒХҚны раўажландырмай, газета ҳәм журналларымызда рәң-бәреңликти тәмийинлемей турып, мақсетке-миллий журналистикамыздың раўажланыўына ерисип болмайды.

Бүгин мәмлекетимизде жүз берип атырған ўақыя-ҳәдийселерди, өзгерис ҳәм жаңаланыўларды оператив, қалыс-сенимли әдил жаратыў ғлаба хабар қураллары хызметкерлерине үлкен жуўапкершилик жүклейди. Бул процессте журналистика жанрларынан нәтийжели пайдаланыў әҳмийетли.

Журналистикада дөретиўшилик  методикаға ийе болыў, турақлы түрде кәсиплик шеберлигин арттырыў әҳмийетли саналады. «Алтын қәлемли журналистлер» атамасы астында басылып шығып атырған бул топлам медиа тараўды таңлағанларға, дөретиўшилерге бул бағдарда керекли қолланба сыпатында хызмет етеди, деген ойдамыз.

ӨзА