Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске тийисли қосымша өзгерислер киргизиўди нәзерде тутыўшы Нызамға муўапық, усы жылы 28-октябрьден баслап жүк машиналарын айдаўшылар ушын жаңа тәртип күшке кирди.

Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң жаңаланған 128-статьясына бола, жолдың шетки шеп қатарында жүк автомобильлериниң ҳәрекетлениўи (шепке бурылыў яки арқаға қайрылыў сыяқлы рухсат етилген жағдайлар буннан тысқары) енди БҲМниң 0,5 есеси (187,5 мың сум) муғдарында жәрийма салыўға себеп болады.

Биринши жәриймадан кейин бир жыл даўамында қайтадан жүзеге келген қағыйдабузыўшы БҲМниң 1 есеси (375 мың сум,) үшинши қағыйдабузыўшы БҲМниң 3 есеси (1 млн 125 мың сум,) жыл даўамында төртинши ҳәм оннан кейинги қағыйдабузыўшылар болса БҲМниң 4 есеси (1,5) млн сум муғдарында жәрийма яки транспорт қуралларын басқарыў ҳуқықынан 6 ай мүддетке айырыў менен жазаланады.

2022-жылы жаңаланған Жол ҳәрекети қағыйдаларында жүк автомобильлериниң, айырым өзгешеликлерден тысқары барлық жағдайларда, жолдың тек ғана оң тәреп қатнаў бөлегинен ҳәрекетлениўи шәрт екенлиги белгилеп қойылған еди. Бирақ бул қағыйдабузыўшылар ушын ҳәкимшилик шара (жәрийма)лар белгиленбегени ушын қағыйдабузыўшылар ушын жуўапкершиликке тартыў имканияты болмағанын еслетип өтемиз,-деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.

                                                                        Қарақалпақстан хабар агентлиги