Жаңа пәрман
Президентимиздиң усы жылы 20-август күни исбилерменлер менен өткерген төртинши ашық сөйлесиўинде хызметлер көрсетиў тараўын раўажландырыў ушын қосымша шараятлар жаратыў бойынша да әҳмийетли басламалар алға қойылды. Себеби хызметлер көрсетиў тараўында аз қәрежет пенен тез мүддетте бизнести жолға қойыў, дәраматлардың реал өсиўин тәмийинлеў ҳәм жаңа жумыс орынларын басқа тармақларға қарағанда көбирек шөлкемлестириў мүмкин.
Ашық сөйлесиўде билдирилген усыныслар ҳәм белгилеп берилген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде усы жылдың 30-август күни мәмлекетимиз басшысының «Өзбекстан Республикасы Президентиниң исбилерменлер менен төртинши ашық сөйлесиўинде белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы қабыл етилди.
-Пәрман менен улыўма аўқатланыў, туроператорлық ҳәм мийманхана хызметлери тараўында жумыс алып барыўшы исбилерменлерге бир қатар жеңилликлер берилди, -дейди Президент жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил аппаратының Самарқанд ўәлаятлық секторы жетекши инспекторы Жасур Турсунов. – Соның ишинде, 2025-жыл 1-январьдан 2028-жыл 1-январьға шекем улыўма аўқатланыў кәрханаларына пайда салығы ставкасы 50 процентке азайтылды.
2024-жыл 1-октябрьден баслап туроператорлық ҳәм мийманхана хызметлерин, 2025-жыл 1-январьдан баслап улыўма аўқатланыў хызметлерин көрсетиўши исбилерменлик субъектлерине 2028-жыл 1 январьға шекем ҳәр айдың 25-сәнесине шекем төленген қосымша қун салығының бир бөлегин төмендеги муғдарларда республика бюджетинен азайтыў системасы енгизилиўи белгиленди:
-айлық товар айланысының нақ пулсыз (төлем терминаллары яки мобиль төлемлер арқалы) бөлеги: 60 процентинен артқан улыўма аўқатланыў кәрханаларына бюджетке төленген қосымша қун салығының 20 проценти;
-туроператорлық ҳәм мийманхана хызметлерин көрсетиўши исбилерменлик субъектлерине – бюджетке төленген қосымша қун салығының 20 проценти.
Сондай-ақ, усы пәрман менен тастыйықланған дизимде хызметлер тараўына жаңа түртки бериў мақсетинде оннан аслам нызам ҳүжжетлери жойбарларын ислеп шығыў белгиленди.
Соның ишинде, усы жылы жуўапкер уйымлар алдына ири кәрханаларға сервис көрсетиўде жергиликли кәрханалардың қатнасыўын кеңейтиў бағдарламасын енгизиў, жергиликли қәнигелердиң сырт мәмлекетлердеги үскене ислеп шығарыўшы кәрханаларда маманлығын арттырыў қәрежетлерин мәмлекет тәрепинен қаплап бериў, улыўма аўқатланыў кәрханалары тәрепинен нақ пулға сатып алынған аўыл хожалығы өнимлерин кирис ҳүжжетлерисиз рәсмийлестириў, улыўма аўқатланыў кәрханаларына өз аймағына байланысқан аймақта жайласқан бос жер участкаларында мәўсимлик кафе хызметлерин шөлкемлестириў тәртибин аңсатластырыў, улыўма аўқатланыў кәрханалары ушын мийнет шәртнамасын электрон тәризде дүзиў арқалы қысқа мүддетли (күнлик, жумыс көлеми) мийнет шәртнамасын дүзиў тәртибин енгизиў нәзерде тутылатуғын Министрлер Кабинетиниң қарарларын ислеп шығыў ўазыйпалары қойылған.
Буннан тысқары пәрман менен тастыйықланған әмелий илажлар режесине муўапық усы жылдың сентябрь-декабрь айларында микроқаржы хызметлерине 1 триллион сум ресурс ажыратыў, 2024-2025-жылларда 3 мың жергиликли қәнигени Германия, Япония, Қубла Корея, Қытай ҳәм Түркиядағы үскене ислеп шығарыўшы компанияларға маманлығын арттырыўға жибериў, онда маманлығын арттырыўға байланыслы қәрежетлерди мәмлекет тәрепинен қаплап бериў, сондай-ақ, басқа бир қатар ўазыйпаларды әмелге асырыў белгилеп берилген.
Қәнигениң атап өткениндей, бул ўазыйпалардың өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўы халықтың бәнтлигин тәмийинлеў менен бир қатарда, халықтың жан басына көрсетилетуғын хызметлер көлеми ҳәм исбилерменлик субъектлериниң саны артыўына алып келеди. Бул арқалы халқымыздың жасаў тәризи жақсыланып, халықтың турмыс дәрежеси жоқары болыўына тәсир етиў имканиятлары жаратылады.
ӨзА