Президентимиздиң басламасы менен Қарақалпақстан Республикасы район ҳәм қалаларын социаллық-экономикалық раўажландырыў, халықтың бәнтлигин арттырыў, исбилерменлик ушын зәрүр шараятлар жаратыў бойынша жумысшы топар дүзилген.

Ҳәзирги ўақытта бул жумысшы топар аймақта жергиликли халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, исбилерменликке жәрдемлесиў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыўда салмақлы жумысларды әмелге асырмақта.

Ташкент қалалық салық басқармасының бөлим баслығы, жумысшы топар баслығы Жаҳонгир РАЖАБОВ пенен сәўбетимиз мине, усы илажлар нәтийжеси ҳаққында болды.

Жаҳонгир аға, бул жумысшы топардың тийкарғы ўазыйпасы неден ибарат ҳәм қандай жумыс алып бармақта?

– Жумысшы топар бул аймақта 3-сентябрьден өз жумысын баслаған ҳәм 25-декабрьге шекем бул жердеги ҳәр бир тараў, халықтың турмыс тәризи, олардың машқалаларын үйрениў ҳәм шешим табыў бойынша илажларды әмелге асырады.

Президентимиздиң басламасы менен жумысшы топар Қарақалпақстанның барлық район ҳәм қалаларында халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў, бәнтликти арттырыў ҳәм исбилерменлик жумысы ушын шараят жаратыў жолында ҳәрекет етип атырғанын атап өтиў керек. Онда ҳәр бир хожалықты турақлы дәрамат дәрегине ийе етиў тийкарғы мақсетлеримизден.

Сол себепли, ҳәр бир мәҳәлледеги халықтың экономикалық мүтәжликлерин үйренип, оларды қоллап-қуўатлаў жумысларын алып бармақтамыз.

– Бул жумыслар шеңбериндеги әмелий илажлардан үлги келтире аласыз ба?

– Усы жылдың сентябрь айында жумысшы топарымыз Нөкис қаласында бир қатар ушырасыўлар өткерди. Мәселен, «Боз аўыл» мәкан пуқаралар жыйынындағы он шаңарақ қусшылық пенен шуғылланыў тилегин билдирди. Бирақ, олар таўық бағыў ушын зәрүр шараятларға ийе емес еди. Соның ушын мәҳәлледеги устаханада арнаўлы кетекшелер таярлаў жумысларын жолға қойыўға карар еттик. Бул шаңарақлар қусшылықты жолға қойыў нәтийжесинде өз дәраматын арттырыўы күтилмекте.

Сондай-ақ, «мәҳәлле жетилиги» менен биргеликте аймақтағы социаллық реестрдеги шаңарақларды үй шараятында дәрамат дәрегине ийе етиў мақсетинде үйрениў өткерилди. Онда халықтың тийкарғы бөлеги қыйтақ жерлеринде овощ жетистириў, шарўа ҳәм қусшылық пенен шуғылланыўынан келип шығып, олардағы усыныс ҳәм машқалаларды шешиў илажлары көрилди.

– Исбилерменлер ушын қандай жеңилликлер жаратылмақта?

– Жумысшы топар тәрепинен Нөкис қаласындағы 71 мәҳәллеге «Сайхунабад», «Үйши», «Ғиждуван», «Зарбдор» тәжирийбелерин әмелиятқа енгизиў ушын ушырасыўлар графиги тастыйықланған. Соған тийкарланып «Дәрбент», «Темир жол», «Берекет» ҳәм «Гүзар» МПЖларында ушырасыўлар өткерилип, халық ҳәм исбилерменлер менен машқала ҳәм усыныслар додаланды ҳәм әмелге асырылыўы керек болған ўазыйпалар белгилеп алынды.

Биз исбилерменлерди де қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратып атырмыз. Мәселен, «Фантом Нөкис» жеке меншик кәрханасының басшысы Дмитрий Иванов суў шығарыў ушын бурғылаў үскенесин ислеп шығарыў мақсетинде 100 миллион сум жеңиллетилген кредит алыў тилегин билдирди. Банк пенен мәсләҳәтлесип, оның жойбарын қоллап-қуўатладық.

Сондай-ақ, Нөкис қаласының басқа мәҳәллелеринде бос имаратларды исбилерменлерге берип, олардың жумысын кеңейтиўге жәрдем бермектемиз. Мәселен, қаланың «Байтерек» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы «Әдилбек инвест Нөкис»  ЖШЖ нан ҳәм нан өнимлерин ислеп шығарыўшы кәрханасының жумысы үйренилди. Имараттың екинши қабатындағы 100 квадрат метр майданда кондитер өнимлерин ислеп шығарыў ушын үскенелер орнатылыўы арқалы 12 жаңа жумыс орны жаратылды.

Буннан тысқары, «Микрокредитбанк» акционерлик жәмийетиниң имаратында исбилерменлер менен ушырасыў өткерилди. Ушырасыўда «Сайхунабад», «Үйши», «Зарбдор» ҳәм «Ғыждуван» тәжирийбелерин әмелге асырыў бойынша пикир алысылып, 10 нан артық исбилермен менен индивидуал түрде сәўбетлер өткерилди ҳәм әмелге асырылыў зәрүр болған жумыслар анықланды.

Улыўма алғанда, жумысшы топар ҳәм бул аймақтың жуўапкерлери менен биргеликте әмелге асырып атырған жумысларымыз қысқа мүддетте өз нәтийжесин көрсетпекте.

– Жумысшы топардың еки ай даўамында әмелге асырған жумыслары қандай нәтийжелер берди?

– Сентябрь-октябрь айларында жумысшы топар тәрепинен 14 мәрте халық ҳәм исбилерменлер менен ушырасыўлар өткерилди. Нәтийжеде 847 исбилерменлик субъектине коммерциялық банклер арқалы жәми 16,2 миллиард сум жеңиллетилген кредит ажыратылып, 908 жумыс орны жаратылды. Сондай-ақ, 642 рәсмий емес бәнт болған пуқараға жумыс орынлары рәсмийлестирилип, рәсмий секторға өткерилди. 3 мың 893 пуқара өзин-өзи бәнт етиўине ерисилди. Және 409 жеке тәртиптеги исбилерменлик субъекти шөлкемлестирилди. Жумысы тоқтап қалған 345 исбилерменлик субъектиниң машқалалары шешилип, қайта тикленди.

Сондай-ақ, салық уйымларына берилген есабатларда товар айланысын «ноль» ҳәм жумыс орнын биреў деп көрсеткен 355 исбилерменлик субъектинен есабатлар қайта алынды.

– Жумысшы топардың гезектеги тийкарғы режелери нелерден ибарат?

– Қарақалпақстанның барлық район ҳәм қалаларында ушырасыўлар өткериў режемиз бар. Бул ушырасыўларда ҳәр бир хожалықты турақлы дәрамат дәрегине ийе етиў ушын қосымша имканиятлар ҳәм усыныслар үстинде ислеўди мақсет еткенбиз.

Ҳәр бир ушырасыўдың нәтийжесине бола, жергиликли халық пенен сөйлесип, олардың талап ҳәм машқалаларын үйренемиз. Нәтийжели шешимлерди әмелге асырамыз. Усындай илажлар арқалы Қарақалпақстанда халықты бәнт етиў, кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм исбилерменликти раўажландырыўға салмақлы үлес қосамыз.

ӨзАның хабаршысы Насиба Зиёдуллаева сәўбетлести